Самарқандта «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасында халықаралық конференция болып өтти.
Әнжуманның екинши күни қатнасыўшылар «Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў» және «Турақлы раўажланыўға қәўиплерге қарсы гүресиўде халықаралық жәмийетшиликтиң Орайлық Азия еллерине көмеги» темаларында секция мәжилислеринде әҳмийетли баянатлар менен қатнасты.
Халықаралық шөлкемлер ҳәм шет ел ўәкиллери Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың конференцияда шығып сөйлеген сөзинде билдирилген пикирлер, алға қойылған басламалардың әмелге асырылыўы Орайлық Азияда тынышлықты, қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў, регион еллериниң раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.
– Орайлық Азия мәмлекетлери бүгинги күнде өз-ара және ҒМДА, ШБШ сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесип келмекте, – дейди ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев. – Бул регионда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеўге, еллеримиздиң экономикасын раўажландырыўға үлес қоспақта. Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев алға қойған баслама – Орайлық Азия мәмлекет басшыларының турақлы мәсләҳәтлесиўлерин жолға қойыў болса бул байланысларды буннан былай да кең көлемде даўам еттириў ҳәм раўажландырыў имканиятын береди. Самарқандта өткерилген усы халықаралық конференция бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды, деп айтыў мүмкин. Еки күн даўамында регион мәмлекетлери Сыртқы ислер министрлери, халықаралық шөлкемлер ўәкиллери биргеликте Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, транзит-логистика тармағын кеңейтиў, суў ҳәм энергетика ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады. Бул әлбетте, регион еллериниң тарийхый беккемленген туўысқанлық байланысларын буннан былай да беккемлеў ҳәм перспективалы мақсетлерин жүзеге шығарыўына жәрдем береди.
– Орайлық Азия еллери өзиниң бийғәрез раўажланыў жолына ийе, -дейди АҚШ мәмлекетлик хаткериниң Аўғанстан ҳәм Орайлық Азия бойынша жәрдемшисиниң орынбсары Генри Эншер. – Қысқа ўақыт – 25 жыл ишинде бул мәмлекетлер дүнья жәмийетшилигинде өз орнын таўып, раўажланыўға қарай исенимли қәдем тасламақта. Бул еллердиң Орайлық Азияда тынышлық-турақлылықты сақлаў, глобаллық машқалаларға қарсы биргеликте гүресиўге умтылып атырғаны оғада қуўанышлы. Бул бойынша Өзбекистан Президенти тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында және усы конференцияда билдирилген басламалар менен идеялар айрықша әҳмийетке ийе. Еки күн даўамында регион еллери сыртқы ислер министрлери ҳәм басқа да сиясий, экономикалық топарлардың ўәкиллери бул басламаларды белсене қоллап-қуўатлады.
Секция мәжилислери жуўмақланғаннан соң, халықаралық форумның жуўмақлары бойынша шөлкемлестириўшилердиң шешимлери баян етилди.
Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министри А.Комилов Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен БМШ тың қәўендерлигинде шөлкемлестирилген халықаралық әнжуман ҳәр тәреплеме пайдалы пикирлесиўлерге бай болғанын атап өтти. Онда 20 дан аслам мәмлекет, 10 нан зыят халықаралық шөлкем ўәкиллери, соның ишинде, Орайлық Азия сыртқы ислер министрлери белсене қатнасып атырғаны атап өтилди. Әнжуман даўамында 70 тен аслам баянат тыңланды. Бул шығып сөйлеўлерде регион еллери арасында экономика, транспорт, мәдений-гуманитарлық, туризм ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, мәмлекетлик шегараларды делимитация ҳәм демаркация етиў, суў-энергетика ресурсларынан биргеликте ақылға муўапық пайдаланыў, жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, қоңсылас Аўғанстанда тынышлық орнатыў бойынша әҳмийетли усыныслар билдирилди.
Әнжуман қатнасыўшылары Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен билдирилген Орайлық Азия мәмлекетлери арасында жақын қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, регион еллери басшыларының турақлы мәсләҳәтлесиўлерин өткериў ҳәм басқа да басламаларын қоллап-қуўатлады. Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының Орайлық Азия регионында тынышлықты, қәўипсизликти ҳәм турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы резолюциясын қабыл етиў ҳаққындағы усыныс мақулланды.
Халықаралық конференцияның жуўмағы бойынша коммюнике қабыл етилди.
БМШ Бас хаткери арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы басшысы Натальян Герман бул халықаралық конференция регионда тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, мәмлекетлер арасындағы жақын қоңсышылық байланысларын беккемлеўде тарийхый әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң шығыўлары, өз-ара пикирлесиўлер еллердиң бир-бирине исенимин беккемлеп, келешекте бирге ислесиў байланысларын жаңаша пәтте даўам еттириўге тасқын руўх берди.
БМШтың наркотиклер ҳәм жынаятшылық ислери бойынша басқармасының Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкилханасының басшысы Ашита Миттал әнжуман жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Өзбекистан басшылығына миннетдаршылық билдирди. Бул халықаралық форум регион еллериниң аймақта тынышлықты тәмийинлеў, наркотрафик, адам саўдасы ҳәм басқа да глобаллық машқалаларға қарсы гүресиў бағдарындағы көз-қараслары бирдей екенин және бир мәрте көрсеткенин атап өтти. Конференцияда додаланған мәселелер, билдирилген пикирлер ҳәм басламалар алдағы пикирлесиўлерге тийкар болыўы, регион еллериниң бул умтылыслары БМШтың барлық структуралары тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынын билдирди.
Халықаралық әнжуман жуўмақлары бойынша баспасөз әнжуманы өткерилип, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин қызықтырған сораўларға жуўап берилди.
Конференция қатнасыўшылары Самарқанд қаласындағы тарийхый естеликлерди ҳәм дыққатқа ылайық орынларды тамаша етти.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы