Усы жыл 3-июль күни Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен Қараөзек районында Аўғанстан урысының ветеранлары менен Чернобыль АЭС апатшылығын сапластырыўға қатнасыўшылар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў басқармасы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан “VETERAN” жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирди. Илажда Аўғанстан урысының ветеранлары ҳәм Чернобыль АЭС апатшылығын сапластырыўға қатнасыўшылар қәнигели шыпакерлер тәрепинен тексерилип, оларға зәрүр медициналық жәрдем көрсетилди.
-Арқа-батыс әскерий округи басшылары менен биргеликте республикамыз аймағындағы ветеранлардың жасаў шараятларын жақсылаў, соның ишинде, олардың денсаўлығын беккемлеў бойынша бир қатар илажлар өткериў режелестирилген,-дейди Нөкис әскерий прокурорының орынбасары Темурхан Мухитдинов.-Бундағы тийкарғы мақсет, Президентимиздиң айтқанындай, әскерий ветеранлардың бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын тийисли шараятлар жаратыў болып табылады.
Бундай илажларды республикамыздың басқа районларында да өткериў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.