UMS мобиль операторы ҳәм Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги халық билимлендириў системасының жумысшыларына мобиль байланыс хызметлерин көрсетиў бойынша бирге ислесиў Келисимин дүзди. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.

2019-жылдың 3-июлинде Халық билимлендириў министриниң орынбасары Сарвар Бабаходжаев ҳәм «UMS» ЖШЖ Коммерциялық директоры Лола Филатова усы ҳүжжетке қол қойды.

Келисимниң мақсети – халық билимлендириў хызметкерлериниң кәсиплик ўазыйпасын орынлаўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм олардың заманагөй педагогикалық технологиялар, сапалы мобиль байланыс ҳәм Интернеттен пайдаланыўын жақсылаўдан ибарат. Бул ушын UMS компаниясы еки «Oʻqituvchi» жеңиллетилген тариф режелерин ислеп шықты.

– UMS мобиль операторының жумыс бойынша шериклери ҳәм дослары күн сайын артып бармақта. Ендигиден былай олардың қатарында Халық билимлендириў министрлиги де орын алды. Бизлер министрлик пенен көплеген өз-ара пайдалы мәселелер, соның ишинде, ХБМ системасының хызметкерлери ушын қолайлықлар жаратыў бойынша жумыс алып бардық. Усындай тәризде жеңиллетилген  тариф режеси ислеп шығылды. Үмит етемиз, халық билимлендириў тараўының ўәкиллери өнимлеримизге жетерли дәрежеде баҳа береди, – дейди «UMS» ЖШЖ Коммерциялық директоры Лола Филатова.

photo5253792765031066287.jpg

«Oʻqituvchi» тариф режелерине жалғаныў ықтыярлы болып есапланады. Тез күнлерде оқытыўшы ҳәм муғаллимлер ушын усы тарифлерге жалғаныўы мүмкин болады. Бул ушын абонент паспортының түп нусқасы ҳәм ол халық билимлендириў системасында жумыс ислейтуғынын тастыйықлайтуғын ҳүжжет (гүўалық ямаса буйрықтан көширме)ти усыныўы керек.

– Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен оқытыўшылардың жәмийеттеги абырайын арттырыўға үлкен итибар қаратлып келинбекте. Өз орнында, Халық билимлендириў министрлиги оқытыўшы-муғаллимлерди қоллап-қуўатлаўда бизнес ўәкиллериниң қатнасыўын мақуллайды. Бирлескен ҳалда оқытыўшыларды жәмийет қәншелли қәдирлейтуғынын ҳәм биргеликте олардың турмысы және жумысын буннан былай да жақсылаўымыз мүмкин екенлигин көрсетиўимиз мүмкин, – деп түсиник берди Сарвар Бабаходжаев.

UMS мобиль операторы ҳәм Халық билимлендириў министрлиги арасында келисим Өзбекстандағы көп санлы педагогикалық кадрлардың мәплерине хызмет етеди. Өсип киятырған жас әўладты тәрбиялаў жолында ийгиликли жумыс алып барып атырған муғаллимлер жеңиллетилген шәртлер ҳәм баҳаларда мобиль байланысқа ийе болады ҳәм оның имканиятларынан өзлериниң жумысларында максимал тәризде пайдаланыўы мүмкин болады.

ӨзА