Нөкисте Россия Федерациясының И.И.Мечников атындағы Арқа-батыс мәмлекетлик медициналық университетиниң академик В.Г.Баранов атындағы эндокринология кафедрасы доценти, медицина илимлериниң кандидаты Никита Иванов республикамыздың қала ҳәм районларындағы эндокринолог-шыпакерлер ушын «Бүгинги күнде диабет – барлық жастағылар ҳәм бәрше мәмлекетлердиң машқаласы» атамасында семинар өткерди.
Семинар даўамында Россия Федерациясындағы «Нейроиммуноэндокринологияны изертлеў ассоциациясы»ның баслығы Н.Иванов «2-типтеги қантлы диабеттиң пероральлық терапиясы ҳаққында заманагөй көзқараслар», «2-типтеги қантлы диабетти инсулин менен емлеўде кардиоқәўипсизлик ҳәм онкоқәўипсизлик мәселелери» темалары бойынша баянат жасады.
– Бүгин биз шыпакерлер Никита Владимирович Ивановтың қатнасыўындағы семинарда қантлы диабет кеселлиги ҳаққындағы билимлеримизди беккемлеп алдық. Бул конференцияның өзгешелик тәрепи сонда, бүгинги күнге шекем Өзбекстанда ҳәм басқа мәмлекетлерде шет еллер менен биргеликте бундай семинар, симпозиум өткериў жолға қойылмаған еди, – дейди Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының Балалар анестезиологиясы ҳәм ревматологиясы бойынша клиникалық ординаторы Динара Асанова. – Семинарда қантлы диабетти емлеўдиң жаңа усыллары, ең соңғы изертлеўлер ҳаққында мағлыўматлар келтирилген. Соңғы изленислер бойынша глимепирид, яғный, амарил дәрисиниң нәтийжелилиги, басқа дәрилерден айырмашылығы, ҳәр бир наўқастағы индивидуал тәсирлер үйренип шығылған. Нәтийжеде, қантлы диабетти емлеўде гипогликемия ҳәм гипергликемия шегараларын ҳәр бир наўқаста индивидуал есаплаў, оларға дәри берип атырғанда усы индивидуал есаплаў нәтийжелерине қарап дозаларын белгилеп барыў кереклиги анықланған. Бул болса, кейин ала қантлы диабет пенен аўырған наўқасларға дәрилердиң зыянлы тәсирлериниң, басқа кеселликлердиң келип шығыўының алдын алады. Бул иззертлеўлерди келешекте Өзбекстандағы шыпакерлерге де қолланыўды усыныс етер едим.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.