Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары жәрияланды.

Оған муўапық, кодекске төмендеги қосымшалар киргизилиўи мүмкин.

 

«128-7-статья. Транспорт қураллары басқарыўшыларының күнниң жақты ўақтында жақынды жақтыландырыўшы ямаса күндизги сигнал шырақларын қосып ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузыўы

 

Транспорт қураллары басқарыўшыларының күнниң жақты ўақтында жақынды жақтыландырыўшы ямаса күндизги сигнал шырақларын қосып ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузыўы, –

ең кем мийнет ҳақының төрттен бир бөлими муғдарындағы жәрийма белгилеўге себеп болады».

 

Еслетип өтемиз, кодекске муўапық усындай типтеги қағыйда бузыўшылық биринши мәрте әмелге асырылса ең кем мийнет ҳақының 0,5 есеси муғдарында жәриймаға тартылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.