Көп жыллардан берли мәмлекетимизде «General Motors Oʻzbekiston» акционерлик жәмийети аты менен хызмет көрсетип келген кәрхана тез арада өзиниң жаңа аты менен аталады.

Рәсмий тастыйықланбаған мағлыўматларға бола енди «GM Oʻzbekiston» АЖ «UZAUTO MOTORS» акционерлик жәмийети деп өзгертиледи.

Бул хабарды «Өзавтосанаат» АЖ хызметкери тастыйықламаған болса да, бирақ бийкарламады да.

Жәмийеттиң қандай ат бенен аталыўы ертең рәсмий түрде мәлим етиледи.

ӨзА