2019-жыл 2-июль күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында өткерилген гезектеги «Ҳүкимет сааты»нда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.Шодмоновтың бирлемши медициналық-санитария жәрдеми мәкемелериниң өз-ара интеграцияласқан ҳалда жумыс алып барыўын жақсылаў бағдарында көрилип атырған илажлар ҳаққындағы мәселе бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде амбулаториялық-поликлиника ҳәм стационар медициналық жәрдем көрсетиўши мәкемелердиң өз-ара интеграциясын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының усы тапсырмаларынан келип шығып, бирлемши медициналық-санитария жәрдеми мәкемелериниң өз-ара интеграцияласқан ҳалда жумыс алып барыўын жақсылаў бағдарында көрилип атырған илажлар себепли бул бағдарда белгили өзгерислер сезилмекте. Министрдиң мәлимлемесинде «Электрон денсаўлықты сақлаў» нормативлик ҳәм нормативлик-ҳуқықый базасын ислеп шығыў, интеграцияласқан мәлимлеме системаларының бирден-бир комплексин енгизиў, медицина шөлкемлеринде мәлимлеме системаларының, алдыңғы мәлимлеме технологияларының, программалы өнимлерды жаратыў, министрликтиң мәлимлеме системалары, ресурс ҳәм мағлыўматлар базасының басқа мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғаны айтып өтилди.
Депутатлар тәрепинен бирлемши медициналық-санитария жәрдеми мәкемелериниң стационар хызмети менен интеграциясын тәмийинлеў бағдарында да бир қатар машқалалар бар екенлиги атап өтилди. Тийкарынан, бирден-бир электрон мағлыўмат алмасыў системасының жоқ екенлиги, жедел патронажды әмелге асырыў ушын хызмет радиусы үлкен болған мәкемелерге транспорт қуралларының ажыратылмағанлығы бул бағдардағы машқалаларға айрықша итибар қаратыўды талап етеди.
Депутатлар аймақлардағы сайлаў округлерине шығып бақлаўлары даўамында, 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў Концепциясында мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм «электрон денсаўлықты сақлаў»ды кеңнен ен жайдырыў белгиленген болса да, бирақ бул бағдардағы жумыслар талап дәрежесинде шөлкемлестирилмегенлигин сынға алды. Буннан тысқары, орынларда электрон ҳүжжет айланысын енгизиў арқалы жумыс процесин оптималластырыў, аралықтан турып гезек алыў сыяқлы мәселелерге жетерли дәрежеде итибар қаратылмай атырғаны менен байланыслы мәселелер де көтерилди.
Усыдан келип шығып, министр тәрепинен стационар ҳәм амбулаторлық-поликлиника мәкемелерин компьютер техникасы менен үскенелеў, оптикалық талшықлы тармақ пенен тәмийинлеў, бирден-бир интернет тармағына жалғаў, электрон бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, амбулаторлық-поликлиника мәкемелеринде күндизги емлеўханаларды шөлкемлестириў бойынша шараятлар жаратыў (бөлме, үскене, штатларды көбейтиў), емленген жағдай бойынша қаржыландырыў, кепилленген медициналық хызметлердиң көлеми, мәжбүрий медицина қамсызландырыў системаларын енгизиў, районлық ҳәм қалалық медициналық бирлеспелерине әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўдиң финанслық дәреклерин анықлаў сыяқлылар мәселениң шешими сыпатында усынылды.
«Ҳүкимет сааты»нда бул бағдарда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен Сырдәрья ўәлаятының Гулистан қаласы ҳәм Боёвут районында үлги түринде шөлкемлестирилип атырған жумысларды елимиздиң басқа аймақларында да ғалаба ен жайдырыў кереклиги атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының
Баспасөз хызмети
ӨзА