Усы жыл 30-июнь күни республикамыздың барлық қала ҳәм районларында Жаслар күни кең түрде белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласындағы Амфитеатрда байрам тамашалары ҳәм гала концерт болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, Президентимиздиң Өзбекстан жасларына байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм елимизде жаслар ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, буннан еки жыл бурын Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан жаслар аўқамы дүзилген күн-30-июнь елимизде Жаслар күни деп белгиленди. Өткен қысқа дәўирде жасларымыздың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў елимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, бәрқулла дыққат-итибарда болып келмекте. Мәмлекетимиз басшысының жасларға жоқары исеним билдирип, «Ҳақыйқаттан да, биз, ата-аналар, устаз ҳәм муғаллимлер, сизлерди пүткил Өзбекстан жасларын Ўатанымыздың, жәмийетимиздиң шешиўши күши деп билемиз ҳәм сизлер ҳәмийше халқымыздың мине усындай жоқары исенимине мүнәсип боласыз деп исенемиз» деген пикирлери ҳәр бир жасты айрықша қуўанышқа бөлейди.

Байрам алдынан Президентимиздиң пәрманы менен Нөкис спорт колледжиниң оқыўшысы Алишер Раджапов, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы арнаўлы әскерий бөлиминиң офицери Элёр Машарипов «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Өзбекстан жаслар аўқамы Елликқала районлық бөлими тигиўшилик дөгерегиниң басшысы Шаҳодат Мамутова, Шымбай районынддағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Дамир Дилмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы бөлимше аға инспекторы Азамат Ибрагимов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы оқытыўшысы Саламат Аяпов, Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы колледжиниң оқытыўшысы  Шерзодбек Мамутов «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланған болса, Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Перизат Аяпбергенова Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен өткерилген таңлаўда жеңимпаз болған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов усы сыйлықларды салтанатлы жағдайда тапсырды.

Буннан кейин жыйналғанларға республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Усы күни Нөкис қаласының орайлық көшелери бойлап «Youth Day» жуўырыў жарысы, Арқа-батыс әскерий округи, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте әскерий техникалар парады ҳәм көргизбелери шөлкемлестирилди. Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған спорт майланшаларында «Жаслар кубоги» жарысының финаллық басқышы өткерилип, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Жаслар орайында ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў бағында жаслар сейиллери өткерилип, оның шеңберинде китапқумарлар викторинасы, китап ярмаркалары, жаңа китапларды таныстырыў, жас дизайнерлер тәрепинен таярланған кийимлердиң көргизбеси, дүнья аяқ ойынлары, жас дөретиўшилер менен ушырасыў кешелери болып өтти.

Байрам мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрда «Сақаўат бағы», Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Ўатан топырағы» спектакльлери, Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында Президентимиздиң бес басламасына бағышланған илажлар өткерилип, оларға жасларымыз белсене қатнасты.

Усындай байрам тамашалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көтериңкилик жағдайында өткерилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.