Бурын хабар еткенимиздей, ески үлгидеги 50 ҳәм 100 сумлық тийинларын, сондайақ, 50, 100, 200 ҳәм 500 сумлық банкнотларын алмастырыў және айланыстан қайтарып алыў тәртиби ҳаққындағы реже Әдиллик министрлигинде дизимнен өткерилген еди.

Оған бола, айланыстағы 50 ҳәм 100 сумлық тийинлар, сондай-ақ, 50, 100, 200 ҳәм 500 сумлық банкнотлар айланыстан қайтарып алынады. Олардың орнына, 2018-жыл үлгисиндеги 50 сумлық, 100 сумлық, 200 сумлық ҳәм 500 сумлық тийинлар айланысқа шығарылады.

2011-жыл үлгисиндеги қуны 500 сум болған тийинлар айланысқа жарамлы.

Айланыстан қайтарып алынатуғын ески үлгидеги 50 ҳәм 100 сумлық тийинлар және 50 ҳәм 100 сумлық ески үлгидеги банкнотлар ушын 2019-жыл 1-июльге шекем белгиленген еди.

Соған бола, 2019-жыл 1-июльден баслап, 50 ҳәм 100 сумлық тийинлар және 50 ҳәм 100 сумлық ески үлгидеги банкнотлар айланыстан қайтарып алынады.

Олардың орнына 2018-жыл улгисиндеги 50 сумлық, 100 сумлық, 200 сумлық, 500 сумлық тийинлар айланысқа шығарылады.

50_va_100_s_mlik_tangalar_shuningdek_50_100_200_va_500_s_mli.jpg

Еслетип өтемиз, 200 ҳәм 500 сумлық ески үлгидеги банкнотлардың айланыстан қайтарып алыныўы 2020-жылдың 1-июлине шекемги мүддетлерде белгиленген.

Барлық коммерциялық банклер ҳәм олардың филиаллары қарыйдарлар, соның ишинде, халық тәрепинен тапсырылған ески үлгидеги тийинларды және ески үлгидеги банкнотларды ҳеш қандай карсылықсыз, шеклеўлерсиз қабыл етиўи ҳәм ҳеш қандай төлем ямаса дәлдәлшылық ҳақы өндирмей оларды алмастырып бериўи шәрт екенлиги және қарыйдарлардың арзасына тийкарланып, аманатқа, пластикалық карта есап бетлерине кирим етиў ушын қабыл етиўи мүмкин екенлиги белгиленди.

ӨзА