Пайтахтымыздағы «Хумо арена» спорт сарайында 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ҳәр қыйлы тараўларда үлкен жетискенликлерди қолға киргизип, елимиздиң даңқын дүнья жүзине танытып атырған, ҳәр тараўдан белсенди жаслар қатнасты.
Президентимиздиң Өзбекстан жасларына жоллаған байрам қутлықлаўын Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.
Қутлықлаўда жаслардың арзыў-нийетлери, алдынғы идеялары менен басламаларын әмелге асырыў мақсетинде басланған жумыслар тек ғана избе-из даўам еттирилиўи емес, ал жаңа, және де жоқары басқышқа көтерилиўи айрықша атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары – Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуронбоев ҳәм Ташкент қаласының ҳәкими Жаҳонгир Ортиқхўжаев мәмлекетимиз басшысының ғамқорлығы себепли бүгинги жаслар заманагөй билим ҳәм раўажланыў шоққыларын ийелеп, инновациялық басламалары, күш-ғайраты, ерисип атырған жетискенликлери менен Ўатанға мүнәсип, садық перзентлер болып жетисип атырғанын атап өтти.
Мәмлекетимиздиң жасларын қоллап-қуўатлаў, руўхый жақтан жетилискен, физикалық жақтан саламат, интеллектуаллық жақтан раўажланған, еркин пикирлейтуғын жас әўладты тәрбиялаў бойынша бирден-бир системаны жаратыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2017-жыл 30-июнь күни Өзбекстан жаслар аўқамы қайтадан дүзилген еди.
Өткен ўақыт даўамында бул жаңа структура елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етип, ул-қызлардың сүйенишине айланып үлгерди.
Бунда, әлбетте, системаға байланыслы қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер әҳмийетли фактор болмақта. Соңғы еки жылда қабыл етилген 3 нызам, Президенттиң пәрман ҳәм қарарлары, Министрлери Кабинетиниң тийисли ҳүжжетлери тийкарында Бас министр, аймақларда болса ҳәкимлердиң басшылығында Жаслар мәселелери бойынша уйымлараралық кеңеслер, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Жаслар мәселелери бойынша комиссия ҳәм «Жаслар клубы» жумыс баслағанын атап өтиў керек.
Жаслар аўқамының ағзалары 7 миллион 680 мыңнан, «Камалак» балалар шөлкеминиң ағзалары болса 3 миллион 600 мыңнан артты.
Өткен дәўир даўамында шөлкем тәрепинен жаслардың мәплерин қорғаў, ҳуқықый санасын арттырыў, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, бәнтлигин тәмийинлеў, ул-қызларды жоқары лаўазымларға тайынлаў, жас шаңарақларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў, имканияты шекленгенлерге жәрдем бериў бойынша нәтийжели жойбарлар шөлкемлестирилди.
Жаслар аўқамы жанында ҳәр қыйлы бағдарларда 26 шөлкем дүзилип, нәтийжели жумысы жолға қойылды. Республикада жас дөретиўшилер, жас илимпазлар, жас фермерлер кеңеслери, Жасларға социаллық-психологиялық хызмет көрсетиў, Имканияты шекленген жаслар ҳәм балалар орайлары, «Жаслар» баспа үйи сыяқлы шөлкемлер бүгинги күнде жигит-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған бир қатар социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырып келмекте.
Елимизде алып барылып атырған халық пенен пикирлесиў шеңберинде «Жаслар қабыллаўханалары» шөлкемлестирилип, өткен ўақыт даўамында 16,5 мыңға шамалас мүрәжат бойынша көплеген машқалалар шешилди.
Жигит-қызлардың бизнес жойбарлары ушын «Жаслар – келешегимиз» қоры тәрепинен бүгинги күнге шекем 692 миллиард 400 миллион сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 25 мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылды, республикамыз бойынша 125 «Жаслар мийнет гүзары», 19 «Жас исбилерменлер» коворкинг орайы пайдаланыўға тапсырылды.
Жаслар аўқамының белсенди ағзаларын жеңиллетилген тийкарда оқыў орынларына қабыллаў ҳәм усындай талапларға шәртнама пулының 35 процентин, социаллық қорғаўға мүтәж жасларға 50 процентин төлеп бериў, жас шаңарақларға турақ жай алыў ушын 20 жыллық мүддетке жеңиллетилген кредит бериў системасы жолға қойылған. Системада жумыс алып барып атырған 242 хызметкерге жеңиллетилген кредит тийкарында автомобильлер берилди.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўдиң алдынғы тәжирийбеси сыпатында 190 кәсип-өнер колледжи негизинде «Жаслар орайлары» шөлкемлестирилип, 26 бағдарда тил ҳәм кәсип-өнерге үйретиў бойынша бийпул дөгереклердиң жумысы жолға қойылды. Бүгинги күнде бул дөгереклерде 80 мыңға шамалас жигит-қызлар билимин беккемлеп, кәсип-өнер ийелемекте. Усы дөгеректиң ағзалары арасында бағыўшысын жоғалтқан, жәмлеспеген, ИИБ уйымларында дизимде турыўшы, имканияты шекленген, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери ҳәм басқалар бар. Сондай-ақ, сырт мәмлекетлерге жумыс ислеў ушын барыў тилегинде болған жаслар ушын рус тили, инглис тили ҳәм сырт мәмлекетлердиң мийнет нызамшылығы бойынша 209 бийпул дөгерек шөлкемлестирилген.
Структура жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықты кескин азайтыў, олардың ҳуқықый билимлерин беккемлеў мақсетинде «Нызам ҳәм әдиллик – үстин, жынаят жазасыз – қалмайды» принципи тийкарында жумыс алып бармақта. 2019-жыл май айы халатына бола, бирге ислесиўде әмелге асырылған профилактикалық илажлардың нәтийжесинде саламат турмыс тәризине қайтқанлығы ушын 6 мың 383 жас өспирим ҳәм 2 мың 944 ата-ана ишки ислер уйымларының профилактикалық есабынан шығарылды.
Усы жылдың өткен дәўиринде жаслар жынаятшылығы 2018-жылға салыстырғанда 37 процентке азайғаны, адасып қәте жолға түсип кеткен, өзиниң қылмысынан шың кеўилден пүшайман болған 599 шахс Жаслар аўқамының кепиллиги тийкарында суд залынан азат етилип, оларға жеңил жаза түри тайынланғанлығы жәмийетимизде кеширимлилик, мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара исеним орталығын күшейтиў жолындағы жаңа қәдем болып есапланады.
Буннан тысқары, өткен еки жыл даўамында жаслардың ҳуқықларын қорғаў, оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиў мақсетинде «Ҳәким ҳәм жаслар», «Прокурор ҳәм жаслар», «Суд ҳәм жаслар», «Депутат ҳәм жаслар» темаларында ашық сөйлесиўлер өткерилип, жигит-қызлардың машқалалары унамлы шешилди.
Жас аўладтың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар да бүгин өзиниң әмелий нәтийжесин бермекте. Буны жас спортшыларымыз халықаралық жарысларда табыслы қатнасып, 520 алтын, 544 гүмис, 588 бронза медалына миясар болғанында да көриў мүмкин.
Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 әҳмийетли басламаның мазмуны ҳәм әҳмийетин жасларымыз ушын терең түсинип, оны әмелге асырыўда белсене қатнаспақта.
Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң есабынан 10 миллиард сум қаржы ажыратылып, «Жаслар китапханасы» рубрикасы астында 47 атамадағы 470 мың дана көркем әдебий китап басып шығарылды ҳәм республикадағы барлық мектеплерге, шөлкемниң жергиликли кеңеслерине бийпул тарқатылды.
Жасларда китапқумарлық көнликпелерин қәлиплестириў, оларда китапқа болған меҳирин оятыў мақсетинде 2 мәрте «Жас китапхан» республикалық таңлаўы өткерилди. Таңлаў жеңимпазларына жәми 5 Президент саўғасы – “Spark”автомашинасы тапсырылды.
2019-жылғы мәўсимде 1 миллион 210 мыңнан аслам жигит-қызлардың таңлаўда қатнасыў ушын мүрәжат еткени китапқумарлыққа болған қызығыўшылығы барған сайын артып атырғанынан дәрек береди. Буннан тысқары, мәмлекетимиздиң алыс аймақларында да жаслар китапқумарлығын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Көшпели китапханалар» (Библиобус) жумысы жолға қойылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанында Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты шөлкемлестирилди.
Институттың шөлкемлестирилиўи мәмлекетте жаслардың машқалаларын үйрениў, бул бағдарда аналитикалық ҳәм илимий-әмелий изертлеўлер өткериў, перспективалы жас кадрларды қайта таярлаў, маманлығын арттырыўға қаратылған бирден-бир системаның жаратылыўына алып келди.
Институтта 2017-2019-жылларда 4 айлық қайта таярлаў курслары арқалы көплеген жаслардың қәнигелиги арттырылды. Итибарлысы, питкериўшилер министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жоқары лаўазымларында ислеп келмекте. Ҳәзирги күнде институтта 55 жигит-қыз билим алмақта. Буннан тысқары, институтта билимлендириў мәкемелериндеги, әскерий бөлимлердеги басланғыш шөлкем жетекшилери ҳәм министрликлер, шөлкемлер және уйымлардағы жетекшилер кеңеси баслықлары ушын 1 айлық қәнигелигин арттырыў оқыў курслары шөлкемлестирилген.
Структура халықаралық майданда да өз орнына ийе болмақта. Өткен жылы Өзбекстан жаслар аўқамы делегациясының Қытай Халық Республикасына сапары әмелге асырылды ҳәм бир қатар нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми (ШБШ) Жаслар кеңесиниң гезектеги мәжилисинде Өзбекстан жаслар аўқамы ШБШ Жаслар кеңесине тең ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етилди.
Жасларды қоллап-қуўатлаў, ҳәр қыйлы тараўларда нәтийжели жумыс алып барып атырған, жоқары нәтийжелерге ерисип, заманласларына өрнек болып киятырған жигит-қызларды хошаметлеў мақсетинде «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ҳәм «Келажак бунёдкори» медалы енгизилди.
Өткен жылы ўатансүйиўши, пидайы жүзлеген жаслар «Дўстлик» ордени ҳәм «Шуҳрат», «Келажак бунёдкори» медальлары, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы, «Ўзбекистон белгиси» көкирек белгиси, Өзбекстан жаслар аўқамының сыйлығы менен сыйлықланды. Дәслепки рет 2018-жылы 28 жигит жаңадан енгизилген «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығына миясар болған еди. Бүгин олардың қатарына және сонша мәрт пәрзентлер қосылды.
– Бул сыйлық Президентимиздиң, мәмлекетимиздиң бизге билдирген үлкен исеними болып табылады, – деди ӨзРИА Математика институтының таяныш докторанты Шомурод Шопўлатов. – Әлбетте, Ўатанның раўажланыўына хызмет етиўдей миннетимизди әдиўли орынлаўда усындай жоқары итибар бизге күш-жигер бағышлайды, жаңа шеклерге қарай умтылдырады, илҳамландырады.
Илажда белгили көркем өнер ғайраткерлери, жас талант ийелериниң атқарыўында концерт бағдарламасы көрсетилди.
Хуршид ҚОДИРОВ,
ӨзАның хабаршысы