Усы жыл 28-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпалар,  онда көрилген мәселелердиң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, қала ҳәм район ҳәкимлери, министрликлер, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Видеоселектор мәжилисин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев басқарып барды.Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары Г.Аннақлычева, А.Аллаярова, О.Атаниязова. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары М.Рахматуллаев, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң орынбасары Б.Ильясов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының орынбасары Р.Баўатдинов, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары У.Абдиев елимиз парламентиниң гезектеги жалпы мәжилисинде Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын ўазыйпалар,  онда көрилген мәселелер, сенаторлар тәрепинен мақулланған нызам ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси, олардың мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўындағы роли және әҳмийетине тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, елимиз басшысының жалпы мәжилистеги шығып сөйлеген сөзи бүгинги күни халқымыз тәрепинен айрықша қызығыўшылық пенен үйренип шығылмақта. Президентимиз өз сөзинде Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы мақсетлер және ўазыйпаларды әмелге асырыўда, алдымызға қойылған үлкен табысларға ерисиўде, сондай-ақ, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да жақсылаў, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайын жоқарылатыўда Сенаттың ролин ҳәм тәсирин арттырыў зәрүрлигине айрықша тоқтап өтти.  Соның менен бирге, ҳаял-қызлар ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратыў, оларды социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық және сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде 18 мәселе, соның ишинде 7 нызам көрип шығылды. Олардан үшеўи жаңа, екеўи әмелдеги айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер және қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам болып табылады. Сенаторлар тәрепинен көрип шығылған «Туризм ҳаққында»ғы, «Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Есап палатасы ҳаққында»ғы, «Қурал ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Халықаралық мийнет шөлкеминиң 1930-жылдағы Мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-санлы Конвенциясына Протоколды (Женева, 2014-жыл 11-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамлары елимиздиң экономикасын буннан былай да раўажландырыў, исбилерменлеримиздиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, пуқараларымыздың жасаў шараятларын менен мәдениятын арттырыўға хызмет етеди.

-Президентимиз өз сөзинде бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасында, соның ишинде Мойнақ районында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс және дөретиўшилик жумысларына жоқары баҳа берди,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақлычева.-Бул елимиз басшысының республикамыз халқына болған айрықша итибары және ғамқорлығының көриниси болып табылады.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.