Усы жылдың 30-июнь күни «Жаслар күни» байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымыздағы 2 орында – Жаслар орайы алдында ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў орайында жаслар сейиллери шөлкемлестириледи.

Сейиллер саат 10:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди.

Хош, жаслар сейиллери шеңберинде қандай илажлар әмелге асырылыўы белгиленген? Бул ҳаққында бүгин, 28-июнь күни Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында атап өтилди.

Сейил шеңберинде китапқумарлық викториналары, китап ярмаркалары, жас дизайнерлердиң кийимлер көргизбеси, дүнья аяқ-ойынлары шоулары, жас художниклер ҳәм өнерментлер дөретпелериниң галереясы, жас дөретиўшилердиң саз-сәўбет кешелери болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.