Мойнақ бүгин уллы жаңаланыўларды қабыл етпекте. Президентимиздиң 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық аймақта дерлик ҳәр күни жүз берип атырған жаңалықлар тек ғана Мойнақ районы турғынларын ғана емес, ал пүткил халқымызды шексиз қуўанышқа бөлемекте.
Халық даналығындағы “Питер истиң басына, жақсы келер қасына” деп айтылғанындай, райондағы усындай уллы өзгерислер болып атырған дәўирде Жоқары мәртебели мийман, БМШ Бас хаткериниң де Аралбойы аймағына сапар етиўи бул диярдың нурлы келешегинен дәрек бергендей.
“Мойнақ, мине, зор болмақта” жойбары астында Сиз, төменде, районда әмелге асырылып атырған гезектеги ийгиликли ислер менен танысасыз:
1. «Ҳәким ата» АПЖда жайласқан 18-санлы мектеп имаратының бос турған бөлиминде Миллий банктиң 200 миллион сум кредити ҳәм жойбар баслаўшысы «Aral Sea Travel» меншик кәрханасының 50 миллион сум өз қаржысы есабынан тигиўшилик цехы иске түсирилди ҳәм 20 жумыс орны жаратылды.
2. Усы мектеп имаратының бос турған бөлиминде нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарыў цехы иске түсирилди ҳәм 5 жумыс орны жаратылды. Жойбар баслаўшысы – «Аблакимов Ахмет» ЖШЖ. Жойбар Алоқа банктиң 70 млн сум кредити есабынан әмелге асырылды.
3. Сондай-ақ, «Аблакимов Ахмет» ЖШЖ тәрепинен усы мектеп имаратының және бир бос турған бөлиминде Алока банктиң 50 млн сум кредити есабынан гөззаллық салоны ҳәм монша иске түсирилип, онда 5 жумыс орны жаратылды.
4. «Ҳәким ата» АПЖда жайласқан Дослық аўыллық елатындағы Почта имараты ремонтланып, онда дәрихана, саўда дүканы ҳәм гөззаллық салоны иске түсирилип, 6 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. «Султанбек бизнес Коңырат» ЖШЖ тәрепинен жолға қойылып атырған бул жумысларды әмелге асырыўда Туран банктиң 20 млн сум кредити ҳәм жәмийеттиң 20 млн сум қаржысы жумсалған.
5. «Ҳәким-ата» АПЖның Әлий аўыллық елатлы пунктинде бос турған дүкан имараты ремонтланып, онда саўда дүканы ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшасы иске түсирилди. Нәтийжеде 3 жаңа жумыс орны жаратылды. Жеке исбилермен Сағындықов Бердибектиң интасы менен әмелге асырылған бул жумысларға Хамкор банктиң 30 млн сум кредити ҳәм өзиниң 20 млн сум қаржысы мәдет болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги