Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының әскерий хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында саламатлық акциясы өткерилди.
«Биз саламат турмыстың тәрепдарымыз» сүрени астында өткерилген илажға мыңға шамалас әскерий хызметкер, олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлердиң ветеранлары менен бирге қала турғынлары қатнасты.
Президентимиздиң басламасы менен елимиз бойлап өткерилип киятырған саламатландырыў илажларына әскерий хызметкерлер де белсене қатнасып келмекте. Бундағы мақсет, денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўды, оны күнделикли турмыс тәризимизге айландырыўды халқымыз, соның ишинде, жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады. Саламатлық акциясының өткерилиўи инсанлардың тек денсаўлығын беккемлеп ғана қоймастан, олардың шаңарақ ағзаларының татыўлығын, бир-биреўге болған ҳүрмет-иззеттин арттырыўға хызмет етеди.
Илаж соңында беслене қатнасқан әскерий хызметкерлериң шаңарақ ағзаларына естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.