Техника илимине және еки философия докторлары (PhD) қосылды деп хабар бермекте ТИТУ Нөкис филиалының Мәлимлеме хызмети.
Илимий потенциал, жаңалықлар ҳәм илимий дәрежелер ҳәр қандай жоқары билимлендириў мәкемелериниң абырайын, билим бериў сапасын белгилеп береди.
Усы жылдың июнь айында Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң оқытыўшылары тәрепинен «Стохастикалық жағдай бақлаўшылары тийкарында технологиялық объектлерди адаптив басқарыў системаларын синтезлеўдиң алгоритмлери» ҳәм «Калцинацияланған сода алыўда карбонизациялаў процесиниң адаптив-әдеттегидей емес басқарыў системасы» темаларында техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертация жумысларының қорғалыўы жоқарыдағы пикирлеримизди тастыйықлайды.
Бул диссертация жумысларына ТИТУ Нөкис филиалы директоры, техника илимлериниң докторы профессор Батырбек Қайыпбергенов рәсмий оппонент болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги