Кинология ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен биргеликте әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен айлары даўамында бир қатар жынаятлардың алды алынып, республикамыздың тысқарысына алып шығып кетилмекши болған товар-материаллық байлықларымыз иркип қалынды.

Жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўде Ишки ислер уйымларының барлық тараўлары қатарында кинология хызметиниң де орны айрықша. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Патрул-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы Кинология хызмети хызметкерлери тәрепинен быйылғы жылдың өткен айлары даўамында бир қатар жынаятлардың алды алынды. Атап айтқанда, киноголия хызмети питомнигиниң хызметкерлери сержант М.Разақбергенов ҳәм қатардағы кинолог М.Жапақовлар тәрепинен усы жыл  7-май күни саат 13:30 шамасында Төрткүл районы тәрепке ҳәрекетленип киятырған «Матиз» маркалы, мәмлекетлик белгиси О 839 АА болған автомашина ЖПХ инспекторлары тәрепинен тексерилип көрилгенде, салонда сексеўил өсимлигин нызамсыз алып баратырғанлығы анықланды.  Аймақлық Биология-экология қадағалаў инспекциясы хызметкерлери ЖПХ постына шақыртылып, автомашина басқарыўшысына ҳәкимшилик-ҳуқықбузарлық ҳаққындағы баянлама рәсмийлестирилди ҳәм тийисли тәртипте жәрийма салынды. Сондай-ақ, «Бройлер» ЖПХ постында қатардағы кинолог хызметкерлер  М.Юлдашев ҳәм Р.Таўмуратовлар тәрепинен Нөкис қаласынан Самарканд ўәлаятына ҳәрекетленип баратырған «ИСУЗУ» маркалы, мәмлекетлик белгиси 25 Ғ 078 ЕА болған автомашинасының жүкханасы ЖПХ инспекторлары тәрепинен тексерилгенде, Тақыятас ун заводында ислеп шығарылған 150 қалта унның республикамыздың тысқарысына алып шығылып баратырғаны мәлим болды.  Усы анықланған унлар тексерип көриў ушын салық басқармасы хызметкерлерине хабар берилди.  Нәтийжеде автотранспорт ўақтынша иркилип, ун өнимлери сақлап қойыў ушын «Сәўбетли» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы дүканға тапсырылды.

Усындай жағдай 27-май күни де анықланды. «Бройлер» ЖПХ постында кинолог хызметкерлерден аға сержант Қ.Низаматдинов ҳәм қатардағы кинолог Р.Юлдашевлар тәрепинен Шымбай районынан Бухара ўәлаятына қарай ҳәрекетленип баратырған «ИСУЗУ» маркалы мәмлекетлик белгиси 80 7 204 КА болған автомашинасы ЖПХ инспекторлары тәрепинен тоқтатылды. Оның жүкханасынан ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз 60 қалта Шымбай ун заводында ислеп шығарылған ун өнимлери алып баратырғаны анықланды. Мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен тексерилип, бул ун өнимлери «Шахсанем Айдай Нөкис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы саўда орнына тапсырылды.

-Бундай мысалларды көплеп келтириўге болады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патрул-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы Кинология хызмети хызмет ийтлер питомниги бөлим басшысы Мырзамурат Орынбетов.- Атап айтқанда киши сержант Ш.Жарекеев тәрепинен усы жылдың 9-март күни Хорезм ўәлаятынан Бухара ўәлаятына қарай ҳәрекетленип баратырған «Ковальт» маркалы, мәмлекетлик белгиси 80 Ғ 681 МА болған автомашина ЖПХ хызметкерлери тәрепинен тексерилгенде, салон ишинен 10 дана араб жазыўындағы түрли мазмундағы китап алып баратырғаны мәлим болды. Бул китаплар тексериў ушын ишки ислер бөлимине тапсырылды.

Буннан тысқары хызметкерлеримиз тәрепинен нызамсыз қара-реңли металлар, диний мазмундағы видеороликлер алып баратырған пуқаралар иркилип, тийисли орынларға тапсырылды. Алдағы ўақытларыда қырағылықты буннан да күшейтип, жынаятшылықтың алдын алыў, республикамыздың аймағында жүз берген жынаятларды анықлаў, солай етип халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеўде аянбай хызмет ете беремиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.