Усы жыл 19июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрда улыўма билим бериў мектеплериниң 11-классларының үлгили оқыўшыларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын раўажландырыў, абырайлы және машақатлы кәсип ийелериниң мийнетлерин ылайықлы баҳалаў, қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысының тиккелей басламасы менен улыўма билим мектеплерине 11-класстың енгизилиўи тарийхый ўақыялардың бири болды.

Атап өтилгениндей, республикамыздағы жәми 706 улыўма билим бериў мектебинде 2018-2019 оқыў жылында 325943 оқыўшы билим алып алған болса, соннан 14683 оқыўшы 11-классты табыслы питкерип, үлкен өмирге жоллама алмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 27-февральдағы «Улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм ҳәм академиялық лицейлердиң питкериўшилерин хошаметлеўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында быйылғы жылы 161 оқыўшы алтын, 161 оқыўшы гүмис медальлары менен питкерип шықпақта. Илажда усы медальлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылған болса, түрли таңлаўларда жеңимпаз болған оқыўшылар ылайықлы сыйлықланды.

Жуўмақланып атырған оқыў жылы республикамыз оқыўшылары ушын табыслы болды,-десек асыра айтқан болмаймыз. Кәсип-өнер колледжлери, академиялық лицейлер ҳәм улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары арасында усы жылдың 8 ҳәм 10-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында болып өткен пән олимпиадасында Қараөзек районындағы 1-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Айзада Тилеўова қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен, Қоңырат районындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы оқыўшысы Балнура Орынбаева қазақ тили ҳәм әдебияты пәнинен биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, Шымбай районындағы 5-санлы санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дамир Дилмуратов математика пәнинен, Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Алибек Аметбеков экономика билим тийкарлары пәнинен Өзбекстан сайланды командасының қурамында халық аралық олимпиадаға жоллама алды. Сондай-ақ, дәстүрге айланған «Жас қутқарыўшы» жарысының Өзбекстан Республикасы басқышында Нөкис қаласындағы 31-санлы қәнигелестирилген мектептиң «Жәйҳун» командасы жеңимпаз болып, халықаралық жарысқа қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.

Илажда Қараөзек районындағы 1-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы А. Тилеўова, шайыр Г.Дәўлетова, Қоңырат районындағы 47-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы А. Жуманазарова, Нөкис қаласындағы 31-санлы  улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Б. Нуратдинова, ата-аналар атынан Нөкис қаласынан О.Махамбетова шығып сөйлеп, билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

-Усы жыл 23-июль ҳәм 1-август күнлери аралығында Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында ҒМДА еллери мектеп оқыўшылары арасында экономика билим тийкарлары пәнинен инглиз тилинде болып өтетуғын үшинши басқыш халықаралық олимпиадаға жоллама алдым,-дейди Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Алибек Аметбеков.-Ҳәзирги ўақытта устазым Саёра Муртазаева менен биргеликте усы халықаралық олимпиадаға таярланып атырмыз.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.