Дзюдо бойынша Россия Федерациясының Краснояркс қаласында В.Н. Гулидовтың естелигине бағышланып өткерилген халықаралық турнирде республикамыздан еки спортшы Өзбекстан сайланды командасының қурамында сыйлы орынды ийеледи.
Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гүлнур Муратбаева 48 килограмм салмақ категориясында үш россиялы, бир қазақстанлы спортшы үстинен жеңиске ерисип, алтын медаль менен сыйлықланды. Сондай-ақ, усы жарысқа Нөкис спорт колледжиниң оқыўшысы Нилуфар Ермағанбетова да қатнасып, 57 килограмм салмақта үшинши орынды ийеледи.
Бүгинги күни бул спортшылар Олимпиа ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде тренерлери Байрамбай Сатуллаев ҳәм Алишер Мамутовлардың басшылығында шынығыўлар алып бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.