Жаз мәўсиминиң биринши айы болыўына қарамастан июньнан баслап-ақ Нөкистеги Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасы өткир асқазан-ишек кеселлигине шалынған наўқаслар менен толы. 120 орынлық емлеўханада бүгинги күнде 208 наўқас жатырған болса, соның 80 проценти балалар болып табылады. Аянышлысы, өткир асқазан-ишек кеселлиги менен емлеўханаға түсип атырған үш наўқастың екеўи 1 жасқа шекемги балалар.
Кеселликти қозғайтуғын микроорганизмлер себепли пайда болатуғын кеселликлер жуқпалы кеселликлер деп аталады. Олар адамнан адамға жуғыўы, көплеген адамларды зыянлаўы менен басқа кеселликлерден парықланады.
Барлық жуқпалы кеселликлер арасында өткир асқазан-ишек кеселликлери, әсиресе, дизентерия, диарея бизлердиң аймағымызда көбирек ушырасады.
Жер жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, жуқпалы кеселликлердиң 80 проценттен асламы ишимлик суўы сапасының төменлиги ҳәм санитариялық-гигиеналық қағыйдалардың бузылыўы менен байланыслы.
Елимизде халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында заманагөй базар механизмлерин енгизиў, тараўда улыўма жаңа системаны қәлиплестириў илажлары тез пәтлер менен әмелге асырылмақта. Хош, ондай болса, не ушын пуқараларымыз арасында диарея, дизентерия менен кеселлениў азаймай атыр. Республикамыздағы жуқпалы кеселликлер емлеўханалары босаўдың орнына оларда неге белгиленген нормадан аслам наўқас емленбекте? Тек пайтахттағы жуқпалы кеселликлер емлеўханасы ғана емес, ал, районларымыздағы 20-40 орынлық жуқпалы кеселликлер бөлимлерине де усы кеселликлерден жәбир шегип келген наўқаслар нәўбет күтип отыр ҳәм кеселликке шалынған наўқаслардың көпшилигин 1 жасқа шекемги балалар қурайды. Ана сүтин еметуғын, майлы аўқатқа өтпеген бул жастағы балалар қалайынша диареяға шатылыўы мүмкин? деген сораў туўылады. Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысының бул сораўларына Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының Балалар асқазан-ишек кеселликлери бөлими баслығы, жоқары категориялы инфекционист-шыпакер Бағдагүл Кощанова жуўап берди:
– Ҳақыйқатында да, жуқпалы кеселликлер есапланатуғын диарея, дизентерия бүгинги күнде ең көп ушырасып атырған кеселликлер есапланады. Емлеўханамыз тийкарынан 120 орынлық болып, оның ярымы балаларға, қалған ярымы ересек адамларға арналған. Бирақ, ересек адамларға қарағанда, емлеўханамызға балалар көп келип атырғаны себепли дерлик барлық бөлимлерге балалар жайластырылған. 30 адамлық Балалар асқазан-ишек кеселликлери бөлиминиң өзинде 38 орынға шекем-ақ шараятлар жарата алдық. Емшлеўханамызға келген аўырыўға орын жоқ, кетебериң, деў мүмкин емес. Себеби, олар айырым ўақытларда жүдә төмен жағдайда келеди. Оларға қайдан болса да орын таўып жайластырыўымыз керек.
Бөлимимизге көбирек бир жасқа толмаған балалар диарея диагнозы менен келеди. Сондай наўқас келгенде баланы қалайынша аўырттыңыз, деп ата-аналарға сораў беремиз. Нәтийжеде жас аналардың итибарсызлығы, медициналық саўатының төменлиги себепли нәрестениң усы жағдайға түскенине гүўа боламыз. Бурын шаңарақ поликлиникаларында «Жас аналар бөлмеси» («Кабинет молодой матери») шөлкемлестирилип, аналарға баланы емизиўдиң жоллары, қызып келгеннен соң емизиўдиң ақыбетлери, интервальды сақлап емизиў ҳаққында үгит-нәсият илажлары алып барылатуғын еди. Мениңше, усындай бөлмелерди барлық шаңарақ поликлиникаларында шөлкемлестириў ҳәм аналарды оқытыў керек. Мәселен, бала организми нәзик, оның териси де тәсиршең болады. Ол қайтарса, иши өтсе бир күн ишинде дәрриў териси суўсызланып, қурғап баслайды. Еңбеги ишине кирип, түсип кетеди. Оның үстине бир жасқа толмаған балалардың иммунитети төмен болады. Олардың организми микроблар менен гүресе алмайды. Кеселликтиң усындай әпиўайы белгилери, оны емлеў бойынша жол-жоба берилсе де үлкен жетискенлик.
Екиншиден, поликлиникаларда күндизги стационар хызметин енгизиўди усыныс етер едим. Буннан бес-алты жыл бурын бул жерлерде наўқаслар күндиз емленип, кеште үйине қайтатуғын еди. Асқазан-ишек кеселликлериниң жеңил басқышын бастан өткерип атырған наўқасларға система салынып, регидрон суўы менен-ақ емлеп жиберилетуғын еди.
Күндизги стационар – көпшилик ушын таныс сөз дизбеги болып, оның не менен шуғылланатуғыны ҳаққында да, дерлик барлығымыздың хабарымыз бар. Күндизги стационарлар емлеўханалардың әпиўайы бөлимлеринен өзиниң оперативлиги менен ажыралып турады. Бул жерде барлық тексериўлерди ҳәм әмелиятларды қысқа ўақыт ишинде әмелге асырыў мүмкин. Күндизги стационарға жоллыққан наўқасларды күни-түни бақлап отырыў талап етилмейди.
Нөкис қаласының өзинде 11 шаңарақ поликлиникалары болып, оларда күндизги стационарлар ашылса ҳәм биринши жәрдем көрсетилсе буншелли дәрежеде наўқаслар көбейип кетпеген, олар аўырыўларын асқындырып алмаған болар еди. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине күндизги стационарларды ашыў бойынша усыныс киргиздик. Жақын күнлерде усынысымыз унамлы шешимин табады, деген үмиттемиз.
Халқымыздың тили менен айтқанда «иш аўырыў» деп аталатуғын диарея кеселлиги медициналық китапларда тек ғана жаз айларында бақланады, деп жазылған. Бирақ, Б.Кощанованың айтыўынша, Балалар асқазан-ишек кеселликлери бөлиминдеги палаталар қысы менен де балалардан босамайды:
Бүгинги күнде емлеўханамыз 1985-жылы қурылған имаратта жайласқаны себепли халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўде бир қанша қолайсызлықлар жүзеге келмекте. Соны есапқа алған ҳалда, Балалар асқазан-ишек кеселликлери бөлими капитал оңлаўға қойылып, июнь айының ақырларында пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Усы имарат питсе, ең соңғы маркадағы медициналық үскенелер менен тәмийинленген 30 орынлық жаңа имаратта жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў, диагностика ҳәм емлеў жумыслары алып барылады. Имараттың 1-2-қабатлары Балалар асқазан-ишек кеселликлери ҳәм реанимация бөлимлери, 3-қабаты Балалар сары аўырыў бөлими ушын қәнигелестириледи.
2018-жылдың сентябрь айынан баслап шыпакерлер, мийирбийкелер, санитариялық ҳәм техникалық хызметкерлердиң саны арттырылды. Шыпакерлердиң саны 32 ге жеткен болса, мийирбийке, санитариялық ҳәм басқа да хызметкерлер ушын қосымша 100 орын жаратылды. Бирақ, орынлар (койка) саны көбейтилмей қалғаны қыйыншылық туўдырмақта. Мысалы, бир түн ишинде бөлимимизге 60 тан аслам наўқас бала келеди. Соның 10-15 проценти ғана жатпай, мәсләҳәт алып, шығып кетеди. Бурын күндизги стационар бар ўақытта буншелли дәрежеде көп бала келмейтуғын еди.
Жылытпа аўқаттан ҳәм жақсы жетилисип писпеген мийўе-овощ өнимлеринен зәҳәрлениў себепли бүгинги күнде көплеген пуқаралар, әсиресе, балалар жәбир шекпекте. Базардан, саўда шақапшаларынан писикшилик ўақты болмай турып, ҳәр қыйлы дәрилик затлар жәрдеминде «жетистирилген» мийўе-овощ өнимлерин алмастан бурын жоқарыда айтып өтилген санларды көз алдыңызға келтириң. Сизиң балаңыз да солар ишинде болыўын, айбыңыз бенен гүлдей солыўын қәлемесеңиз, перзентиңизге итибарлы болың. Үйиңизде санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етип, саламат турмыс тәризин сақлаң. Себеби, перзентлеримиздиң денсаўлығы өз қолымызда.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.