Мәмлекетлик хызметлер орайының мәлим етиўинше, Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы белгиленген жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырғаны ушын, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсеткени ушын төлем өндирилмейди.

Еслетип өтемиз, алдынғы оқыў жылларында питкерген абитуриентлер жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырғанда ең кем мийнет ҳақының ярым есеси муғдарында, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсеткени ушын ең кем мийнет ҳақының 10% и муғдарында төлем алынатуғынлығы ҳаққында хабар берилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.