«Келешекте жумыс ҳәптеси төрт күнлик болыўы мүмкин», деди Россия бас министри Димитрий Медведев Женевадағы Халықаралық мийнет әнжуманындағы шығып сөйлеўинде.

«Жумыс бериўшилер барған сайын өз хызметкерлериниң мәплерин қорғаўға мәжбүр болады. Социаллық мийнет шәртнамасы төрт күнлик жумыс ҳәптесине тийкарланыўы тәбийғый жағдай болыўы мүмкин», деди. Медведев жүз жыл алдын Генри Форд жумыс ҳәптесин 48 сааттан 40 саатқа түсирип, нәтийжели өндириске ерискенин еслеткен. Бул ҳаққында REGNUM хабар береди.

ӨзА