Өзбекистан Республикасы Шавкат Мирзиёев 8-ноябрь күни елимизге әмелий сапар етип келген Санкт-Петербург қаласының губернаторы Георгий Полтавченконы қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, усы жылда болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлар ҳәм олардың жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер, соның ишинде, апрель айында қол қойылған еки ел регионлары арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим Өзбекистан Республикасы аймақларының ҳәм Россия Фелерациясы субъектлериниң әмелий бирге ислесиўин, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық салалардағы байланысларды жеделлестириўге хызмет еткенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекистан ҳәм Санкт-Петербург қаласы арасындағы дәстүрий жақын ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Бүгинги күнде өз-ара товар алмасыўдың көлеми 200 миллион долларды қурамақта. Санкт-Петербург қаласында 1 миллионға шамалас жерлесимиз мийнет етпекте. Қаланың жетекши жоқары оқыў орынларында 3 мыңнан аслам жасларымыз билим алмақта.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм жетекши кәрханалар арасында кооперацияны кеңейтиў ушын бар потенциалдан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм туризм салаларында қоспа бағдарламалар менен жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Санкт-Петербург қаласының губернаторы Георгий Полтавченко Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди. Өзбекистан менен әҳмийетли бағдарларда кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.

ӨзА