Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-ноябрь күни елимизге сапар етип келген Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Бас хаткери Томас Гремингерди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Швейцарияның белгили диломатын жоқары ҳәм жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлап, Өзбекистан ЕҚБШ менен буннан былай да белсене бирге ислесиўден, Шөлкем мандатына киретуғын барлық мәселелер бойынша өз-ара келисимди беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.

ЕҚБШ Бас хаткериниң сапар етиўи ҳәм оның Самарқандта болып өтетуғын халықаралық конференцияда қатнасыўы елимизде Шөлкем атынан Өзбекистанда турмыстың барлық салаларында жүз берип атырған түпкиликли өзгерислер, соның ишинде, демкократияластырыў процеси, инсан ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм мәплерин тәмийинлеў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың басқа да әҳмийетли мәселелерине болған қызығыўшылықтың дәлили сыпатында баҳаламақта.

Томас Гремингер Өзбекистан қоңсы еллер, соның ишинде, Аўғанстан менен байланысларды беккемлеў бойынша избе-из әмелий қәдемлерди жоқары қәдирлейди. Жоқары мәртебели мийман абыройы ҳәм қатнасыўшыларының саны көплиги бойынша шексиз болған Самарқанд форумының нәтийжелери регионаллық бирге ислесиўге жаңа пәт бериўге, стратегиялық жақтан әҳмийетли регионда өз-ара келисим ҳәм исеним  орталығын беккемлеўге хызмет ететуғынлығына исеним билдирди.

Мийман Өзбекистанды раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының тийкарғы бағдарлары ЕҚБШ ның қәўипсизлик, экономикалық-экологиялық ҳәм инсан нормалары бойынша барлық мақсетлери ҳәм тийкарғы бағдарлары менен толық үйлесимли екенин айрықша атап өтти.

ЕҚБШ ҳәм оның Өзбекистандағы ўәкилханасы өз-ара биргеликте, елимизде узақ перспективаға мөлшерленген реформалар менен өзгерислерди әмелге асырыў бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм экспорт жәрдемин көрсетиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыўда ЕҚБШ жумысына байланыслы басқа да мәселелер, соның ишинде, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетли машқалалар көрип шығылды.

ӨзА