Президентимиз Шавкат Мирзиёев 24-май күни Мирзо Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери басшылары, академиклер, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен ушырасқан еди.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы илим ҳәм инновацияларды раўажландырыўға байланыслы усынысларды додалаў ушын арнаўлы майдан жаратыў мақсетинде Республикалық илим ҳәм технологиялар кеңесин шөлкемлестириўди усыныс етип, оны ҳәмме қоллап-қуўатлаған еди.

Сондай-ақ, илимпазлар менен ушырасыўда төрт бағдар бойынша турақлы комиссиялар дүзиўге келисип алынды. Биринши комиссия илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын турақлы таллап, орын алған машқалаларды сапластырыўға әмелий жәрдем көрсетеди. Екинши комиссия жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процессин ҳәм билим бериў сапасын таллайды және оған баҳа береди. Үшинши комиссия жоқары оқыў орынларындағы руўхый-ағартыўшылық жумыслар, 5 басламаның әмелге асырылыўын таллайды. Төртинши комиссия жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўында  салмақлы жетискенликлерге ерискен сырт елдеги ўатанласларымызды қәнигелиги бойынша жумысқа тартыў менен шуғылланады.

5  басламаны үгит-нәсиятлаў ҳәм онда белгиленген бағдарламаларды әмелге асырыўда жоқары билимлендириў мәкемелериниң орны әҳмийетли екенлигине айрықша итибар берилмекте. Себеби зыялылар бәрқулла бир қәдем алда болыўы ҳәм басқаларды изинен ерте алыўы керек.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде жасларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия  ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў мәселелерине қай дәрежеде итибар берилмектеЎ

 

Ахмед РЕЙМОВ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры:

– Мәмлекетимиз басшысы алға қойған 5 баслама бойынша университетимизде бағдарлама тастыйықланған ҳәм оның орынланыўы турақлы қадағаланып барылмақта. Университетимиздеги көплеген дөгереклердиң жумысы жетилистирилди, жаңа дөгереклер жумыс баслады. Мәселен, «Ҳүрлиман» халық аяқ ойыны ансамбли дөретиўшилик пенен шуғылланбақта. Ансамбль тек ғана университетимиздеги емес, ал республикадағы кең көлемли илажларда да белсене қатнаспақта. Мәлимлеме-ресурс  орайында «Китапқумарлар» клубы нәтийжели жумыс алып бармақта. Орайға китаплардың топламын саўға еттик. Клубтың ағзалары барған сайын артып бармақта.

Университетте 11 түрдеги спорт дөгереги жумыс алып бармақта. Университетимизде май айы «Спорт айлығы» деп белгиленди. Усы айлық шеңберинде жуўырыў марафоны шөлкемлестирилди. Жаслардың барлық қатламын ғалабалық спорт түрлерине тартыў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм түрли жат идеялардан қорғаў, әсиресе, өз-ара дослық, аўызбиршилик, тилеклеслик ҳәм спортты адамлардың турмысының бир бөлегине айландырыў мақсет етилген бул спорт марафонында барлық студентлер қатнасты.

Усы жылдың басында Қытайдың Сиань қаласында спорт беллесиўлери бойынша Азия чемпионатында қатнасқан университетимиздиң студентлери Нилуфар Гадоева ҳәм Ақтенге Кеўнимжаева бронза медалы менен қайтты.

Жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде тараў қәнигелери тартылмақта.

 

Байрам ОТЕМУРАТОВ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры:

 

– Жаслардың руўхый дүньясын жетилистириў, олар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, соның менен бирге, спорт ҳәм саламатлық илажларын турақлы түрде өткериў арқалы келешек ийелериниң ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын бул басламалар тийкарғы бағдарлама болып хызмет етпекте.

Институтымыздың мәлимлеме-ресурс орайы елимиздеги ең бай китап фондына ийе китапханалардың бири болып табылады. Орайдың улыўма китап фонды 135 мыңға шамалас китаптан ибарат. Сондай-ақ, орайдың сырт ел мәлимлеме-китапхана ресурслары менен ислесиў бөлиминде Scopus, Science Direct халықаралық мағлыўматлар базасынан пайдаланыў жақсы жолға қойылған.

Жасларды мәденият ҳәм көркем өнерге тартыў бағдарында ислеп шығылған «Жол картасы»ндағы ўазыйпалардан келип шығып әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги жоқары. Атап айтқанда, усы жылдың апрель айында Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында болып өткен I Халықаралық бақсышылық өнери фестивалында қатнасқан институтымыздың педагогика факультети музыкалық тәлим бағдары студенти Муҳаммед Төребеков ашық даўыста дәстан айтыў жөнелиси бойынша 3-орынды қолға киргизди ҳәм 3 миллион сумлық ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Соның менен бирге, жаслар арасында спорт ҳәм саламатлық илажларының ғалабалығын тәмийинлеў мақсетинде институттың барлық факультетлеринде спорт дөгереклери жумыс алып бармақта.

Әмелге асырылып атырған бундай жумыслардың нәтийжеси сыпатында, волейбол бойынша институтымыз қызлар сайланды командасы өткен 2018-жылдың сентябрь айында болып өткен Өзбекстан суперкубогында абсолют жеңимпазлықты қолға киргизди. Сондай-ақ, дене мәденияты факультети студенти Набира Есенбаева сентябрь айында Словакияның Трнава қаласында еркин гүрес бойынша жаслар арасында өткерилген жәҳән чемпионатында 2-орынды ийелеп, Өзбекстан ҳаял-қызлар спорты тарийхына кирди.

Быйылғы жылы да волейбол бойынша институтымыздың қызлар сайланды командасы Ташкент қаласында спорттың волейбол түринен ҳаял-қызлар арасында жоқарғы лига командаларының XXVI Өзбекстан чемпионатында 1-орынды ийелеп, команда ағзаларының барлығы «Өзбекстан спорт шебери» дәрежелерин алыўға еристи.

Келешек ийелериниң мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бағдарында да усы бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги