Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Нызам тийкарында Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген 2015-XII-санлы Нызамы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди:

79-статья (Тереклер, путақлар, басқа тоғай өсимликлери ҳәм нәллерин нызамға қайшы түрде кесиў, зыян жеткериў ямаса жоқ етиў):

Биринши бөлиминиң (Тереклер, путақлар, басқа тоғай өсимликлери ҳәм нәллерин нызамға қайшы түрде кесиў, зыян жеткериў ямаса жоқ етиў) санкциясындағы «үштен бир бөлегинен бир есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – бир есесинен үш есесине шекем» деген сөзлер «бес есесинен он есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он есесинен он бес есесине шекем» деген сөзлер менен алмастырылды. Яғный, енди тереклерди нызамға қайшы түрде кескен пуқаралар 2 027 300 сум, лаўазымлы шахслар болса 3 040 950 сум жәриймаға тартылады.

Сондай-ақ, усы статьяның екинши бөлиминиң (Усындай ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан соң бир жыл даўамында қайта әмелге асырылған болса) санкциясындағы «бир есесинен үш есесине шекем, лаўазымлы шахслар болса – үш есесинен жети есесине шекем» деген сөзлер «он есесинен он бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он бес есесинен жигирма есесине шекем» деген сөзлер менен алмастырылды.

80-статьяның (Тоғайларды тиклеў қағыйдаларын бузыў) санкциясындағы «бир есесинен үш есесине шекем» деген сөзлер «он есесинен он бес есесине шекем» деген сөзлер менен алмастырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.