Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-ноябрьдеги «2019-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, быйылғы жылдағы календарьға өзгерислер киргизилиўи белгиленген.

Оған муўапық, 2019-жыл 1-июнь – шемби 6-июнь – пийшемби күнине көшириледи.

Сол себепли, ҳәптесине бес жумыс күни (дүйшемби-жума) ислейтуғын кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде 1-июнь – шемби жумыс күни есапланады.

Мағлыўмат ушын, Рамазан ҳайты (Ийд-әл-Фитр) байрамы мүнәсибети менен де Президенттиң пәрманы тийкарында дем алыс күни жәрияланады. Быйыл байрам 5-июньға туўра келсе, еки күн избе-из дем алыў имканияты пайда болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.