Германия аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығаратуғын мәмлекетлер арасында жетекшилерден бири болып есапланады. Бул мәмлекеттеги аўыл хожалығы ең жаңа агросанаат технологияларының әмелиятқа енгизилиўи ҳәм тармақты механизациялаў есабынан жоқары көрсеткишлерге ериспекте.
Германияда жетистирилетуғын бийдай мәмлекет талабының 80, қумшекер 85, гөш 60, сүт 100 процентин қаплайды. Аўыл хожалығы өнимлериниң төрттен үш бөлеги шарўашылық арқалы келеди.
Өткен жылы аўыл хожалығы бойынша Өзбекстан – Германия ҳүкиметлераралық жумысшы топарының биринши мәжилиси болып өтти. Бундай механизмлер бирге ислесиў бойынша қатнасықлардың жеделлесиўинен дәрек береди.
Бүгинги күнде аўыл хожалығы машина қурылысы тараўы Өзбекстан менен Германия арасындағы инвестициялық бирге ислесиўдиң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Бир қатар ири немис компанияларының қатнасыўында мәмлекетимизде шөлкемлестирилген санаат кәрханалары, атап айтқанда, «LEMKEN Chirchiq» жуўапкершилиги шекленген жәмийети буның айқын дәлийли болып табылады.
«LEMKEN GmbH & Co. KG» (Германия) өсимликтаныў тараўына арнаўлы өнимлер жеткерип беретуғын ири халықаралық компания есапланады. Кәрхананың өним түрлериниң қатарына өнимдарлықты тәмийинлейтуғын, жерди қайта ислеў, егиў ҳәм өсимликлерди қорғаўға мөлшерленген жоқары сапалы техника қураллары киреди. Кәрхананың жумысы толық инновациялық тийкарда қурылған.
«LEMKEN Chirchiq» қоспа кәрханасы тийкарынан аўыл хожалығы ушын жоқары өнимдарлықты тәмийинлейтуғын плуглар, ротациялық ҳәм дискли бороналар, механикалық сеялкалар, культиватор ҳәм басқа да егиў ҳәм жерди қайта ислеў механизмлерин ислеп шығарыўға бағдарланған. Буннан тысқары, компанияның конструкторлық-технологиялық бөлими жанында жерди қайта ислейтуғын машиналардың жаңа перспективалы түрлери ҳәм ҳәр қыйлы өндирислик үскенелерди жаратыў менен да шуғылланады. «LEMKEN GmbH & Co. KG» аўыл хожалығы машиналары ҳәм қоспа кәрхана өнимлерин оңлайды және оларға хызмет көрсетеди.
Қоспа кәрханада өнимниң түри ҳәм көлемин арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул жерде жалпақ, труба тәризли, домалақ формасындағы, штамплайтуғын, жыйналмалы-кепсерленген ҳәм қуйылған аўысық бөлеклерди жаратыў ҳәм ислеп шығарыў бойынша да жумыс алып барылып атыр. Бул бойынша «Ташкент механика заводы» ААЖ, «Эллектроаппарат-Электрощит» ААЖ қоспа кәрханасы, Қуйыў-механика заводы, «Ташкент подшипник заводы» ААЖ, «Инструмент», «Imex Group» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери сыяқлы кәрханалар менен бирге ислесиў жолға қойылған.
«LEMKEN»ниң EurOpal 7 3+1 аспа айланба плуги, VarioPack 110 WDP70 жерди малалаў үскенеси, Zirkon 8/250 ротациялық борона сыяқлы өнимлер Өзбекстан мәмлекетлик сертификация ҳәм аўыл хожалығы техникасы ҳәм технологияларын сынақтан өткериў орайында елимиздиң жер-климат шараятына сәйкеслендириў мақсетинде табыслы сынақтан өткерилди. «LEMKEN Chirchiq» өнимлерине Орайлық Азияның барлық мәмлекетлеринде талап барған сайын артып баратырғанын атап өтиў керек.
– Кәрханамыз тийкарынан тракторларға тиркеме үскенелер таярлаўға қәнигелескен – дейди «LEMKEN Chirchiq» ЖШЖ қоспа кәрханасының бас директоры Раҳматулла Раҳметов. – «Агрегат заводи» акционерлик жәмийети шөлкемлестириўшимиз есапланады. Ҳәзирги ўақытқа шекем 4 түрдеги өним локализацияланды. Әҳмийетлиси сонда, пайдаланылмай атырған аўысық бөлеклердиң үлесиниң көбейиўи бир таяр өнимниң баҳасы 30-50 миллион сум арзанлаўына хызмет етип атыр.
Кәрханада ҳәзирги ўақытта Standart 7 Plus 3/1 аспа айланба плугиниң жетилистирилген варианты ислеп шығарылып атыр. Ендигиден былай аўыл хожалығы егинлерин егиўде бир қатар арасын кеңейтиў тәжирийбеси қолланылмақта. Онда әсиресе Standart 7 Plus 4/1 аспа айланба плугине талап күшейеди. Қоспа кәрхана агрегатларының өндириске толық тартылыўы нәтийжесинде, мәселен, пахта зүрәәтлилиги гектарына 60 центнерден 110 центнерге шекем көтерилди.
Усы жылы июль айында «LEMKEN GmbH & Co. KG» компаниясының бас директоры Ван Дер Лейниң мәмлекетимизге сапары күтилип атыр. Ушырасыўлар ўақтында бир қатар жаңа инвестициялық жойбарлар, еки тәреплеме усынысларды додалаў режелестирилген.
Ван Дер Лей бир ўақыттың өзинде Европа аўыл хожалығы ислеп шығарыўшылар ассоциациясының баслығы да болып есапланады. «LEMKEN» аўыл хожалығы тараўы ушын эксклюзив техника ислеп шығарыў бойынша дүньяда жетекши. Бул компания менен биргеликте шөлкемлестирилген қоспа кәрхана Орайлық Азия мәмлекетлери арасында тек ғана Өзбекстанда жумыс алып барады. Улыўма айтқанда, Ван Дер Лейниң сапары ири сырт ел шөлкемлери ҳәм компанияларының Өзбекстанға жоқары исениминен, елимизде жүз берип атырған унамлы өзгерислерди тән алыўынан дәрек береди
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы