Алдын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8–9-июнь күнлери Астана қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң саммитинде қатнасты.
Саммит 9-июнь күни Астана қаласының Ғәрезсизлик сарайында ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының тар шеңбердеги мәжилиси менен басланды. Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың басшылығында болып өткен мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳман қатнасты.
Мәжилисте ШБШ ҳәм оның структураларының жумысын буннан былай да жетилистириў, Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, терроризм, диний экстремизм, наркотик затларға ҳәм қурал-жарақ контрабандасына қарсы биргеликте гүресиў, регионалық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў мәселелери додаланды.
Мәмлекет басшылары ШБШның соңғы саммитинде келисилген мәселелер – Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық, социаллық-мәдений, гуманитарлық ҳәм транспорт салаларындағы байланысларды раўажландырыўға байланыслы кең көлемли мәселелерди көрип шықты.
ШБШның 2025-жылға шекем раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша 2016-2020-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режесин тастыйықлаў ҳаққындағы қарар, ШБШға ағза мәмлекетлердиң туризм саласындағы бирге ислесиўин раўажландырыў бағдарламасына ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң орынланыўына итибар қаратылды.
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Ташкент саммитинде Әзербайжан, Армения, Камбоджа ҳәм Непалға ШБШның пикирлесиў бойынша шериклери статусы берилген еди.
Мәмлекетлер басшылары кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде бақлаўшы статусындағы еллер делегацияларының басшылары – Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғани, Беларусь Республикасының Президенти Александр Лукашенко, Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Моди, Монголия Республикасының Президенти Цахиагийн Элбэгдорж, Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Навоз Шариф, Иран Ислам Республикасының сыртқы ислер министри Муҳаммад Жавад Зариф қатнасты. Мәжилисте ШБШның Бас хаткери Рашид Алимов, ШБШ Регионаллық терроризмге қарсы структурасы атқарыў комитетиниң директоры Евгений Сисоев қатнасты. Сондай-ақ, Бирлешкен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, Ғәрезсиз мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев, Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары Аманжол Жанқулиев, АСЕАН Бас хаткери Ле Лионг Мин қатнасты.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи. Мәмлекетимиз басшысы Аўғанстандағы жағдайды тезирек турақластырыў пүткил регионымызда тынышлықты ҳәм қәўипсизликти беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Өзбекистан Аўғанстанда тыныш абадан турмысты тиклеў бойынша аўған халқының ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң ис-ҳәрекетлерин қатаң түрде қоллап-қуўатлайды.
Жасларды ҳәр қыйлы жат идеялардан сақлаў, олардың заманагөй тәлим-тәрбия алыўы, кәмил инсан болып өсиўинде мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийети жоқары.
Самарқанд қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң жәрдеминде Имом Бухарий атындағы халықаралық изертлеў орайының шөлкемлестирилиўи миллетлераралық, мәдениятлараралық қатнасықларды беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады, деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекистан ШБШға ағза мәмлекетлер менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеў тәрепдары болып табылады. Қытайдың «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде кең көлемли жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға биз айрықша әҳмийет қаратамыз.
Қытай-Қырғызстан-Өзбекистан темир жолының қурылысы еллеримиздиң жәҳән базарына қысқа жоллар арқалы шығыў имканиятларын кеңейтиўде айрықша әҳмийетке ийе. Президентимиз Шавкат Мирзиёев ШБШ мәмлекетлери темир жол саласы басшыларының турақлы ушырасыўларын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
ШБШ орайлары – халық дипломатиясының турақлы жумыс алып баратуғын институтларын шөлкемлестириў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етти.
Шөлкемниң 2016-жылғы Ташкент саммитинде Ҳиндстан Республикасының ҳәм Пакистан Ислам Республикасының ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў жолындағы миннетлемелери ҳаққындағы меморандумларға қол қойылған еди.
Астана саммитинде Ҳиндстан ҳәм Пакистан шөлкем ағзалығына қабыл етилди. Ҳиндстан ҳәм Пакистанның ШБШ ға ағза статусына ийе болыўы Шөлкемниң имканиятларын кеңейтип, халықаралық майданда әҳмийетли машқалаларды шешиў, регионда ҳәм дүньяда қәўипсизликти, турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде ҳәр тәреплеме механизм сыпатында Шөлкемниң ролин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
ШБШға ағза мәмлекетлер халықаралық терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, наркотик ҳәм психотроп затлар ҳәм олардың прекурсорларының нызамсыз айланысына, мәлимлеме қәўипсизлигине қәўип туўдырып атырған қәўиплерге қарсы белсене, избе-из гүреспекте.
Саммит қатнасыўшылары ШБШ Исбилерменлер кеңеси ҳәм Банклераралық бирлеспесиниң жумысына байланыслы мәлимлемелерди тыңлап, олардың жумысын унамлы баҳалады. Усы структураларға Шөлкем шеңберинде турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды, атап айтқанда, макроэкономикалық ҳәм қаржылық турақлылықты тәмийинлеў, экономиканың жоқары технологиялық тармақларын жедел раўажландырыў, санаат инфраструктураларын модернизациялаў, инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў, исбилермен топарлардың ҳәм қаржылық структуралардың арасында тиккелей байланысларды кеңейтиў арқалы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў усыныс етилди.
Саммит жуўмағы бойынша Астана декларациясы қабыл етилди.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда саммиттиң нәтийжели түрде болып өткени, қол қойылған ҳүжжетлер ШБШ еллери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиў Қытай Халық Республикасына тапсырылды.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ШБШ саммити шеңберинде бир қатар мәмлекетлердиң басшылары менен ушырасты.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Президенти Алмазбек Атамбаев пенен ушырасыўда бул сапарғы пикирлесиў мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеўде ҳәм кеңейтиўде әҳмийетли басқыш болатуғынын, Самарқандтағы ушырасыўда ерисилген келисимлерди мазмун жағынан байытатуғынын атап өтти.
Алмазбек Атамбаев өзбек ҳәм қырғыз халықларының әзелий туўысқанлық қатнасықлары, үрп-әдетлериниң ҳәм дәстүрлериниң уқсаслығы өз-ара бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўда әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти.
Соңғы пайытларда еки мәмлекет арасындағы байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлести. Мәмлекет басшыларының телефон арқалы сөйлесиўлери, ҳүкиметлер ҳәм аймақлар дәрежесинде делегациялардың алмасыўы әмелге асырылмақта. Еллеримиз жәмийетшилиги ўәкиллериниң Әндижан ҳәм Ош қалаларына өз-ара сапар етиўи болып өтти.
Президентлер сиясий сөйлесиўди буннан былай да жеделлестириў ҳәм социаллық-экономикалық қатнасықларды кеңейтиў мәселелерин додалап, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе машқалалар бойынша пикир алысты.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди менен ушарасты.
Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндстан Бас министрин Ҳиндстанның ШБШ ағзалығына қабыл етилгени мүнәсибети менен қутлықлады.
Президентимиз бул ушырасыў Ҳиндстан Бас министри Нарендра Модидиң 2016-жыл елимизге әмелге асырған сапар етиўи даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыўын додалаў ҳәм бирге ислесиўдиң перспективаларын белгилеп алыў ушын жақсы имканият екенин атап өтти.
Нарендра Моди Өзбекистан Ҳиндстанды ШБШға ағзалыққа қабыл етиў ҳаққындағы усынысты қатаң түрде қоллап-қуўатлап келгени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бул тарийхый ўақыя ҳәм өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, қәўипсизликти беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция салаларында регионаллық қатнасықларды кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар жарататуғынын атап өтти. Еллеримиз арасындағы байланыслар буннан былай да избе-из раўажланып баратуғынына исеним билдирди.
Өз-ара саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери көрип шығылып, 2016-жылда еки ел арасындағы саўда айланысы 15 процентке өсип, 366 миллион АҚШ долларын қурағаны атап өтилди. Бирақ бул көрсеткиш еки мәмлекеттиң потенциалын ҳәм имканиятларын толық сәўлелендирмейди. Өзбекистан менен Ҳиндстан өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм қурамын диверсификациялаў ушын үлкен потенциалға ийе.
«Навоий» еркин экономикалық зонасында «Минда» компаниясы менен автомобильлердиң комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыў, «Новафарм» ҳәм «Ультра Хелс Кеар» компаниялары менен Сурхандәрья ўәлаятында дәри-дәрмақ ҳәм Ташкент ўәлаятында инъекция препаратларын ислеп шығаратуғын заманагөй кәрханалардың шөлкемлестирилгени еки мәмлекет арасындағы инвестициялық бирге ислесиўге айқын мысал болып табылады.
Биргеликте бағдарламалық өнимлер жаратыў ҳәм телекоммуникация үскенелерин, мийўе-овощ, пилле ҳәм терини терең қайта ислеў, экспорт ушын таяр өнимлер, автомобиль аўысық бөлеклери, электротехника өнимлери, турмыслық химия товарларын ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларын ислеп шығарыў сыяқлы салаларда перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў имканиятлары да көрип шығылды.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Испания Патшасы Филипп VI пенен ушырасты.
Өзбекистан басшысы еллеримиз арасындағы дәстүрий дослық қатнасықлар узақ өтмишке барып тақалатуғынын атап өтти.
Алты әсир алдын Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм Кастилия патшасы Энрике III басламасы менен Самарқандта ҳәм Кастилия пайтахты Сеговияда елшиханалар ашылған. Өз-ара бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежесине Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Каримов ҳәм Испания Патшасы Хуан Карлос I арасында орнатылған жақын қатнасықлар себепли ерисилди.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Филипп VI өз-ара қатнасықларды раўажландырыў перспективаларын додалап, халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысты.
Тәреплер мәмлекетлераралық байланысларды кеңейтиўде жоқары дәрежедеги пикирлесиў әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Сыртқы сиясат мәкемелериниң турақлы мәсләҳәтлесиўлери тек ғана әҳмийетли регоналлық ҳәм халықаралық сиясат мәселелери бойынша пикир алысыў емес, ал ҳәр қыйлы дәрежедеги келешектеги ушырасыўлардың кестесин ҳәм күн тәртибин ислеп шығыў және келисиў имканиятын бермекте.
Мәмлекетлераралық қатнасықлардың әҳмийетли буўыны болған саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық, транспорт салаларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси де тәреплердиң дыққат орайында болды.
Саўда саласында өз-ара көплеген қолайлықлар жаратылып, сезилерли дәрежеде, яғный быйылғы жылдың дәслепки төрт айында төрт есеге өсиўге ерисилгенине қарамастан, бул бағдардағы көрсеткишлер имканият дәрежесинде емес. Өз-ара саўда көлемин көбейтиў ҳәм қурамын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Өзбекистан менен Испания бул ушын барлық имканиятқа ҳәм потенциалға ийе екени атап өтилди.
Өзбекистан елимизде Испания бизнесиниң, атап айтқанда, нефть-газ, энергетика, химия, фармацевтика, тоқымашылық, пардозлаў материалларын ҳәм керамикалық өнимлерди ислеп шығарыў саласында жоқары технологиялы кәрханалар шөлкемлестириў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў арқалы кеңейиўинен мәпдар.
Испания туризм саласында үлкен нәтийжелерге ерискен ҳәм бул бағдарда дүнья көлеминде алдынғы тәжирийбеге ийе. Усы мүнәсибет пенен тәреплер усы салада узақ мүддетли системалы бирге ислесиўди орнатыў имканиятларын додалады.
Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки мәжилисин усы жыл Ташкентте өткериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев ЭКСПО-2017 халықаралық қәнигелестирилген көргизбениң рәсмий ашылыў мәресиминде қатнасты.
Усының менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға сапар етиўи жуўмақланды.
Абу Бакир УРОЗОВ,
ӨзА ның арнаўлы хабаршысы
Астана-Ташкент