Әдиллик министрлиги қарамағындағы юридикалық колледжлерде билим алған қәбилетли жаслар Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине тест сынақларысыз, сәўбетлесиў арқалы оқыўға қабыл етиледи. Онда колледж питкериўшилери аймақлық әдиллик уйымларының жолламасы менен университетке ҳүжжет тапсырыўы керек. Жолламалар колледж питкериўшилери санының 30 процентинен артпаўы шәрт.
Бул ҳаққында Миллий баспасөз орайында өткерилген конференцияда толық мағлыўмат берилди.
Университетке қабыллаў ушын жеке тәртиптеги сәўбетлесиўде абитуриентлердиң мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин түсиниўи, қәнигеликти таңлаўдағы мотивациясы, кәсиплик ўазыйпаларды шешиўдеги әмелий жумысы, тәртип-интизамлылығы, дөретиўшилик қәбилетлери ҳәм шет тилин билиў дәрежеси сынақтан өткериледи.
Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 24-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги юридикалық колледжлерин питкериўшилерди Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң бакалавриатына оқыўға қабыл етиў ҳаққында режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында университетке тест сынақларысыз қабыл етилген жаслар 3 жыл үзликсиз жумыс ислеўи керек болады.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарары менен юридикалық колледжлердиң оқыў-методикалық процесин муўапықластырыў, оларға әмелий жақтан жәрдемлесиў Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленген.
– Бурын мәмлекетимизде 7 юридикалық колледж бар еди, – дейди Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң проректоры Дилшоджон Умаров. – Ендигиден былай олардың саны 14 ке жетип, Әдиллик министрлиги қарамағына өткерилди. Усы жылы бул колледжлерге жәми 3 мың 340 оқыўшы қабыл етиледи.
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң бөлим баслығы Отабек Солиевтиң айтыўы бойынша, көпшилик юридикалық колледжлердиң оқыў имаратлары, жатақханалары, спорт майданшалары талапқа жуўап бермейди. Олардың материаллық-техникалық базасын басқышпа-басқыш беккемлеў, соның ишинде, зәрүр оқыў ҳәм спорт әсбап-үскенелери, мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинлеў зәрүр.
Баспасөз конференциясында юридикалық колледжлерге кириў тәртип-қағыйдалары ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң юридикалық колледжлеринде оқыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып юридикалық колледжлерге оқыўға қабыл етиў бойынша таңлаўлар жазба имтихан түринде ҳуқықтаныў, ана тили ҳәм әдебияты (өзбек тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты) пәнлери бойынша өткериледи.
Быйылғы жылдан баслап юридикалық колледжлерге тек ғана 11-классты питкерген оқыўшылар қабыл етиледи. Мәмлекетлик грантлар тийкарында болса кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери, Меҳрибанлық үйлериниң тәрбияланыўшылары ҳәм көзи әззи оқыўшылар билим алыўы мүмкин.
Хуршид ҚОДИРОВ, ӨзА