Елимизде карантиндеги зыянлы организмлердиң Өзбекстан аймағына кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, өсимлик ҳәм мийўе-овощь өнимлериниң экспортын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Ал, тараўға байланыслы шығарылған нызамлар, қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар өсимликлер карантини бойынша  мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң нәтийжелигин арттырыўға өз тәсирин көрсетпекте. Атап айтқанда, 2018-жыл 9-июльде  «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы нызамы жаңа редакцияда қабыл етилип, қосымшалар және өзгерислердиң киргизилиўи тараўда бир қатар жаңа имканиятларды жаратты.

Усы жыл 10-май күни Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы қурамындағы 14 агроном-инспекторға мотоцикллер берилди.

– Бул Нызам тийкарынан өсимликлер карантини тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы баслығының орынбасары Д.Үббиниязов. – Жаңа редакциядағы нызамға муўапық, шегара постларындағы инспекторлардың ўазыйпалары кеңейди. Бажыхана уйымлары, темир жол станциялары, автовокзаллар, аэропортларға алып кирилип атырған ҳәм шығып кетип атырған жүклер ҳаққында мағлыўмат алыў ҳуқықына да ийе болды.

Бул өсимликлер карантини системасын комплексли түрде қамтып алатуғын ҳәм кирип киятырған ҳәм шығып баратырған өнимниң  де толық қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын ҳуқықый тийкар болды. Бул болса, сырт еллерде Өзбекстанның аўыл-хожалығы өнимлерине болған исенимин және де арттырады. Соның менен бирге, экспорт пенен шуғылланып атырған исбилерменлер ҳәм дийқан-фермер хожалықларына кең мүмкиншиликлер жаратады.

Сондай-ақ, тараўға тийисли  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-марттағы «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи тараўдағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.

Оған тийкарланып, өсимликлер карантини бойынша районлық ҳәм қалалық инспекторлар, автомобиль жоллары, темир жол станциялары, аэропортлар өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери ҳәм почтамттағы пункт инспекторлары хызмет ўазыйпаларын арнаўлы формадағы кийим ҳәм тийисли ажыратып туратуғын белгилер менен тәмийинленди.

Сондай-ақ, усы қарарға муўапық, аймақты сапалы ҳәм зыянланбаған өним менен тәмийинлеў мақсетинде 9 өсимликлер клиникасы дүзилип, бүгинги кунде олар зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерге қарсы қолланылатуғын химиялық препаратлар менен фермер хожалықларына, дийқанларға ҳәм қыйтақ жер ийелерине белгиленген тәртипте хызмет көрсетпекте.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясында 39 агроном-инспектор хызмет көрсетип келмекте. Усы қарарға тийкарланып, инспекция қурамындағы 14 агроном-инспекторларымыздың мотоцикллер менен тәмийинлениўи, жумысымыздың нәтийжелилиги артыўына, сапалы хызмет көрсетиўге өз тәсирин көрсететуғынына исенемиз.

  • Бурынлары төмен дәрежедеги материаллық-техникалық база, әсиресе, орынлардағы  қәнигелердиң карантин илажларын алып барыўы ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинленбегени ҳәм олардың материаллық ҳәм социаллық тәмийнатының жетерли дәрежеде болмағаны өзлеримизге жүклетилген ўазыйпалар ҳәм миннетлемелерди нәтийжели және сапалы орынлаўымызға кесент ететуғын еди,-дейди Нөкис районы өсимликлер карантини бойынша агроном-инспектор А.Айтбаев. Бүгинги күнде хызмет көрсетиўимиз ушын қолайлы шараятлар жаратылып, зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, материаллық-техникалық базамыз жақсыланбақта.

Бул болса, елимизди сапалы аўыл-хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўге, сондай-ақ, елимизде аўыл-хожалығы өнимлериниң экспортын және де арттырыўға хызмет етеди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.