Бүгин Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Ташкент қаласындағы Япония елшиханасына барды. Ол жерде Император Нарухитоның тахтқа отырыў мүнәсибети менен қутлықлаў китабы ашылды.
Бул хаққында ӨзАның рәсмий сайты хабар береди.
Өзбекстан ҳүкимети басшысы дос япон халқын үлкен әҳмийетке ийе ўақыя ҳәм «Рэйва» жаңа ҳүкимдарлық дәўириниң басланыўы менен қутлықлап, Император Нарухитоға денсаўлық, шаңарақлық бахыт және ҳүкимдарлық дәўириниң узақ жыллар даўам етиўин тиледи.
Японияның мәмлекетимиздеги елшиси Нобуаки Ито өз гезегинде Өзбекстан Президентине ҳәм ҳүкиметине Япония турмысындағы тарийхый ўақыя себепли япон халқына жоллаған қутлықлаў және жақсы тилеклер ушын миннетдаршылық билдирди, делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги