Социаллық тармақларда ҳәм ғалаба хабар қуралларында улыўма орта билим бериў мектеплериниң директоры, класс басшылары тәрепинен мәжбүрий түрде ата-аналардан ямаса олардың орнын басыўшы шахслардан перзентлерин жазғы дем алыс ўақтында қадағалаў, қәўипсизлигин тәмийинлеў жуўапкершилигин мойнына алатуғын тилхат алынып атырғаны ҳаққында ҳәр қыйлы мағлыўматлар тарқалмақта.
ӨзАның рәсмий сайтында берилген мәлимлемеге қарағанда Халық билимлендириў министрлиги тилхат алыў бойынша рәсмий тапсырма бермеген.
Сондай-ақ, мәлимлемеде бундай ҳәрекетлер жүз берген жағдайда министрликтиң 10-06 исеним телефонына қоңыраў етиў керек екенлиги, министрлик тәрепинен анықланған ҳәр бир нызамсыз ҳәрекет ушын жуўапкерлерге нызам шеңберинде жаза қолланылатуғыны атап өтилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги