Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында парламенттиң әҳмийетли қарарларды қабыл етиў ҳәм нызамлардың орынланыўын қадағалаў жумысын күшейтиў мақсетинде, Бас министр ҳәм Ҳүкимет ағзалары Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша Олий Мажлис палаталары алдында ҳәр шеректе есап берип барыўы белгилеп берилген еди.

Соннан келип шығып, усы жаңа институтты әмелиятқа енгизиў жумыслары басланды: 2019-жыл 18-май күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында биринши мәрте Министрлер Кабинетиниң 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2019-жылдың биринши шерегинде орынланыўы барысы ҳаққындағы есабы тыңланды.

Есапты Бас министрдиң орынбасары А.Абдуҳакимов усынды.

Есапта келтирип өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен жаратылған Ҳәкимшилик реформалар концепциясын избе-из әмелге асырыў мақсетинде, Министрлер Кабинетиниң шөлкемлестириўшилик жақтан қайта көрип шығылып, жумысы жаңа мазмун менен байытылғаны, ири хожалық басқарыў субъектлеринде корпоративлик басқарыўдың заманагөй усыллары енгизилгени Ҳүкимет тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламаның биринши шерек ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпаларын өз ўақтында, сапалы орынланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болды.

Соннан келип шығып, Министрлер Кабинети тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўында бир қатар мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 17-январьдағы пәрманы  менен белгиленген тийкарғы бағдарларды сапалы, нәтийжели әмелге асырыў, есап бериў дәўиринде макроэкономикалық турақлылықты ҳәм социаллық-экономикалық тараўдың избе-из раўажланыўын тәмийинлеў. сырт ел инвестицияларын тартыў, тартымлы инвестициялық орталықты жаратыў, республика аймақларының социаллық раўажланыў дәрежесин көтериў, бар машқалалар менен кемшиликлерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша тийисли илажларды көриўге үлкен әҳмийет берилди.

Бул дәўирдеги социаллық-экономикалық көрсеткишлерде мәмлекетлик бюджеттиң дәраматларын қәлиплестириў ҳәм қәрежетлери және бюджет жетиспеўшилигин орташа тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе болды. Елимизде әмелге асырылған избе-из сыртқы саўда сиясатының нәтийжесинде экспорт көлеми және жәми сыртқы саўда айланысының артыўына ерисилди.

Республикада жаратылған қолайлы инвестициялық орталықтың нәтийжесинде инвестициялардың өзлестирилиўи жеделлестирилди. Бунда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тастыйықланған Инвестициялық бағдарламаның айрықша әҳмийети бар. Сырт ел инвестицияларының қатнасыўында қаржыландырыўдың сезилерли өсими тәмийинленип өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3 есени қурады. Әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар арасында халыққа транспорт хызметин көрсетиў, турақ жай, ишимлик суў менен тәмийинлеў жумыслары айрықша әҳмийетке ийе болып, сезилерли өсим бақланбақта.

Өткен дәўирде Ҳүкимет жумысында социаллық мәселелер менен шуғылланыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында тәмийинленип, халықтың бәнтлиги, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў системасын жетилистириў жумысларына айрықша итибар берилди. Усы орында «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз», дийқан хожалықларын ҳәм жеке меншик қыйтақ жерлерди раўажландырыўға байланыслы бағдарламалар тийкарында жумыс орынларын жаратыў жедел пәтлерде әмелге асырылмақта.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларының нәтийжесинде заманагөй аўылларда (жәми 478) 312 мың 549 квартира қурылып, 1,7 миллион халықтың, қалалардағы мәҳәллелерде болса 496 мың халықтың жасаў шараяты жақсыланды. Булардың бәри бир мақсетке – елимиздиң раўажланыўын ҳәм халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Министрлер Кабинетиниң есабы депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме, терең талланды. Парламент ўәкиллери, бәринен бурын, мәмлекетлик бағдарламада белгиленген, өткен дәўирде ислеп шығылыўы зәрүр болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, олардың Олий Мажлистиң төменги палатасына өз ўақтында киргизилиўин және елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын жаратыў менен байланыслы мәселелердиң шешимине айрықша әҳмийет қаратты. Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы үстинен әмелге асырылып атырған қадағалаўдың барлық түрлеринен өнимли пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳүкимет есабы бойынша ҳәр бир сиясий партия фракциясы және Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топары ўәкиллери өзиниң көзқарасын билдирди.

Соның ишинде, сиясий партиялар фракцияларының ағзалары Мәмлекетлик бағдарламаның 2019-жылдың биринши шерегинде орынланыўы тәмийинлениўи режелестирилген 63 бәнттен әмелде 46 сы орынланғанына итибар қаратып, өз ўақтында орынланбаған бәнтлер бойынша тийкарлы наразылықлар билдирди. Буннан тысқары, исбилерменликти раўажландырыў, мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда жергиликли ҳәкимият уйымларындағы жүзеге келген бюрократлық тосқынлықларды ҳәм субъектив факторларды сапластырыў бойынша ҳүкимет айрықша көрсетпеден ибарат нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ислеп шығып, қатаң қадағалаўды әмелге асырыў кереклиги, зәрүр жағдайларда депутатлар менен бул тараўда белсенди бирге ислесиўди жолға қойыўы зәрүрлигин билдирип өтти.

Атап айтқанда, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Шухрат Бафаев жылдың өткен дәўиринде елимиздиң сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмысында көп унамлы өзгерислер жүз бергенин атап өтти. Депутаттың атап өтиўинше парламентте қызғын додалаўлар менен қабыл етилген «Мәмлекетлик жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы нызам дүнья базарларына интеграцияласыў ҳәм экспортты қоллап-қуўатлаў бойынша бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да либералластырыў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, бизнести раўажландырыў жолында бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў,  елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди өз ишине қамтып алды. Усы тәреплери менен ол партияның орайдағы ҳәм орынлардағы ўәкиллери, исбилерменлер, фермерлер тәрепинен әйне күтилген ҳүжжет болды.

Өзбекстанның халықаралық евро облигацияларын биринши мәрте Лондон биржасында жайластырыў арқалы мәмлекетимиздиң халықаралық қаржы базарға кирип барыўы, халықаралық евро облигацияларының усы биржаға жайластырылыўы елимиздиң раўажланған мәмлекетлер менен дүнья қаржы базарларында саламат бәсекилесиў имканиятын жаратты.

Сондай-ақ Президентимиздиң қарары менен көшпес мүлктиң ҳуқықый тийкарлары, кадастр есабын жүргизиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен исбилерменлик субъетлерине нызамсыз араласыўлар бийкар етилгени себепли, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм буннан былай да раўажландырыў бойынша «Бизнес жүргизиў» жыллық есабатында мәмлекетимиздиң рейтинги көтерилди.

29 мыңнан аслам киши бизнес кәрханаларын улыўма орнатылған тәризде салыққа өткериў жумысларының муўапықластырылыўы нәтийжесинде «жасырын экономика» көлеми сезилерли қысқартылып, аймақларда бюджет түсимлериниң көбейиўине салмақлы тийкар жаратылды. Жыл басынан 341,2 миллион сумлық 32 санаат объекти ҳәм социаллық инфраструктура объектлери пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде болса 1806 жаңа жумыс орны жаратылды.

Буннан тысқары, өткен дәўирде сырт ел инвестицияларын тартыў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, сондай-ақ, мәмлекетимиз аймақларының социаллық раўажланыў дәрежесин арттырыў бойынша әмелге асырылған илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында орынланыўы экономикалық өсимниң жоқары пәтлерин ҳәм макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ушын беккем тийкар болды.

Дурыс, усы жылдың биринши шерегинде орынланыўы зәрүр болған Мәмлекетлик бағдарламаның айырым бәнтлериниң орынланыўы даўам етпекте, айырым бәнтлерди әмелге асырыўдың мүддети созылған. Фракциямыз ағзалары усы жыл апрель айының басында мәмлекетимиз басшысының жетекшилигинде болып өткен видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар тийкарында Министрлер Кабинети тәрепинен орайда ҳәм орынларда барлық имканият және потенциалдан толық пайдаланған ҳалда, мәмлекетлик бағдарламаның биринши ярым жыллықтағы орынланыўын тәмийинлеў, экономика тармақларын раўажландырыў, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған барлық илажлар көрилиўине исеним билдиреди.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының ағзасы Алишер Ҳамроев ҳүкимет есабатында билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў, спорт ҳәм туризмди буннан былай да раўажландырыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў, диний кеңпейилликти ҳәм миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеў бағдарында белгиленген илажлардың орынланыў жағдайына айрықша итибар қаратылғанын атап өтти.

Әлбетте, бул бағдарда айтарлықтай әмелий жумыслар исленген. Бирақ Мәмлекетлик бағдарламаның биринши шеректеги орынланыўы бойынша айырым кемшиликлер де айқын көзге тасланады. Мәселен, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысының қаржы тийкарларын жетилистириўге байланыслы бир ғана нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгени себепли, бул мәселеге байланыслы барлық ўазыйпалар толық орынланған, деп мағлыўмат усынылған. Усы мақсетти гөзлеген бир ғана Режениң қабыл етилгени менен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысының қаржы тийкарлары толық жетилистирилди, деп жуўмақ шығарыўға болмайды. Буннан тысқары, республика музейлеринде сақланып атырған тарийхый экспонатларды толық хатлаўдан өткериў, оның жуўмағы бойынша ҳәр бир музей каталогын жаратыў нәзерде тутылған, бирақ ҳәзирги күнге шекем бул ўазыйпаның орынланыўы жуўмақланбаған.

Соннан келип шығып, мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы жағдайы бойынша Ҳүкимет ағзаларының есабын тыңлаў институтынан биринши мәрте пайдаланылып атырғанын есапқа алып, келеси есаплар усынылғанға шекем материаллар ҳәм мағлыўматларды буннан былай да жетилистириў және оның орынланыўы белгиленген мүддетте сапалы әмелге асырылыўын қатаң қадағалаўға алыў усынысы билдирилди.

Сондай-ақ, халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў. оларды мәденият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин сиңдириў, ҳаял-қызлардың мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған бес басламаның бағдары бойынша жумысларды жеделлестириў, бунда мәмлекетлик-жеке мешик шериклик қатнасықларынан нәтийжели пайдаланыў усынысын алға қойды.

Өзбекстан ХДП фракциясының ағзасы Турсунпулат Норбоев шығып сөйлеп, фракция ағзалары Министрлер Кабинетиниң есабын мақуллаған ҳалда, келешекте Ҳүкимет тәрепинен итибар қаратылыўы зәрүр болған бир қатар пикир-усынысларды билдирди. Мәмлекетлик әҳмийеттеги мәселелерди бүгинги күнде халық пенен тиккелей додалаў, ҳәр бир мәселеде халықтың пикирин үйрениў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин атап өтиў керек. Бул процесстиң сиясий әҳмийети сонда, халқымыз өз ўәкиллери, яғный депутатлар арқалы мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажлыныўын бақлап, қадағалап барады.

Барлық жетискенликлер өзимиздики екенин билип, сын көзқарастан қатнас жасасақ, көрилип атырған мәселениң тийкарғы мазмунына итибар қаратсақ, айырым ўазыйпалардың орынланбаўы ямаса кешиктирип орынланыўы, қарардың орнына илажлар жойбары таярланып, орынланыўы қағазда қалып кетип атырғаны, орынларда бағдарламада белгиленген ўазыйпаларға итибарсызлық пенен қаралып атырғанын көремиз.

Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ҳәр бир ўазыйпа, оның орынланыўы адамларды разы етиўден ибарат.

Усы көзқарастан қарағанда халықтың арзан турақ жайларға болған талабы жоқарылығын есапқа алып, қосымша рәўиште турақ жайлар қурыў илажларын белгилеў, аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызлардың, әсиресе, жас ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәнзилли бағдарламасының орынланыўын әмелде толық ҳәм сапалы орынлаў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Күни кеше мәмлекетимиз басшысының Әндижан ўәлаятына сапары телебағдарламаларда еки жылғы көрсетиўлер тийкарында салыстырылып берилди. Ҳәмме ушын жабық Ханабад қаласы бүгин дүньяға, халыққа ашып көрсетилип атырғаны да басшы жумысларына баҳа бериўдиң индикаторы, өзине жараса тәрезиси болып табылады.

Фракциямыз ағзалары  келешекте Ҳүкимет есапларында әне усындай унамлы мысаллар көп болыўына үмит етеди.

Өзбекстан «Адолат» СДП фракциясының ағзасы Абдуғани Умиров:

– Фракциямыз ағзаларының пикири бойынша, усынылған есабатта мәмлекетте әмелге асырылып атырған жумыслар, ерисилген ең әҳмийетли көрсеткишлер кеңнен сәўлелендирип берилген. Соның менен бирге, келешекте усынылатуғын есапларда Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў мүддетлери «жыл даўамында» деп белгиленген ўазыйпалар орынланыўының анық мүддетлерин киргизиў мақсетке муўапық болатуғын еди.

Сондай-ақ, «Адолат» социал демократиялық партиясының тийкарғы бағдарларынан болған медицина тараўында әмелге асырылып атырған жумысларға да айрықша итибар қаратылды.

Елимизде кейинги жылларда медицина тараўын түп-тийкарынан реформалаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлери жетилистирилмекте. Соның менен бирге, тараўға мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылар да жыл сайын артып бармақта.

Бунда тийкарғы итибарды аўыллық шыпакерлик пунктлери ҳәм аўыллық шаңарақлық поликлиникалардың жумысын жақсылаў арқалы бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириўге және халықтың бул хызметлерден кеңирек пайдаланыў имканиятын арттырыўға қаратылып атырғаны әҳмийетли болып табылады. Бүгинги күнде болса Президентимиздиң басламасы менен тиккелей парламент депутатларының қатнасыўында ҳәр бир ўәлаятта медицина тараўында үлгили район ҳәм қала шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилмекте. Атап айтқанда, Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласы ҳәм Боёвут районында халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўди үлгили шөлкемлестириў процесинде көплеген мәселелер шешилип, унамлы нәтийжелерге ерисилди.

Соның менен бирге, таллаўлар бул бағдарда алдымызда еле ислениўи зәрүр болған бир қатар ўазыйпалар турғанын көрсетпекте.

Атап айтқанда, фракциямыз пуқаралардың бирден-бир электрон медициналық картасын жаратыў, «Электрон поликлиника» автоматластырылған мәлимлеме системасын барлық аймақларда қысқа мүддетлерде енгизиў жумысларын жуўмақлаў да зәрүр, деп биледи.

Экоҳәрекет депутатлар топарының ағзасы Сиддиқ Абдубоқиевтиң пикиринше Ҳүкимет есабындағы мағлыўматлар Мәмлекетлик бағдарламаны избе-излик пенен әмелге асырылып атырғанын көрсетеди. Бирақ еле орынланыўы зәрүр болған ўазыйпалар да бар. Атап айтқанда ҳүкимет аймақлардағы елатлы пунктлерде ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў тармағын раўажландырыў бойынша илажларды ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, сын көзқарастан қайта көрип шығыўы, орынланыўы бойынша парламентке мағлыўматларды усыныўы зәрүр. Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў концепциясы, Өзбекстанның Париж келисимине қосылыўы мүнәсибети менен «жасыл экономика»ға өтиў бойынша мәмлекетлик стратегиясының жойбарларын буннан былай да жетилистириў мақсетинде оларды парламент ағзаларына усыныўы мақсетке муўапық. Буннан тысқары, Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген Аралбойы аймағында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасын жаратыў бойынша халықаралық әнжуманға таярлық жумысларын да күшейтиў керек.

Қызғын ҳәм әмелий руўхта өткен өз-ара сораў-жуўаплардан соң депутатлар Министрлер Кабинетиниң 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның 2019-жылдың биринши шерегинде орынланыў барысы ҳаққындағы есабын мақуллады.

Илаж соңында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабын көрип шығыў жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мүрәжатынан келип шығатуғын тийисли жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламаны орынлаў бойынша ҳүкимет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усынысларды өз ишине алған қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

 Баспасөз хызмети

ӨзА