Бул бойынша 2018-2019-жылларда тарифлер ҳәм баҳалар өзгериси графиги тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-ноябрдеги «Жанылғы энергетика ресурсларының баҳасы ҳәм тарифлерин басқышпа-басқыш өзгертиў ҳаққында»ғы 897-санлы қарарына муўапық 2019-жыл 1-июньнен баслап тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ ҳәм электр энергиясы ушын баҳалар арттырылады.

Еслетип өтемиз, бул бойынша 2018-2019-жылларда тарифлер ҳәм баҳалар өзгериўи тастыйықланған.

Табийғый газдиң (1 куб/м ушын) баҳасы:

есаплаў әсбаплары болғанында халықтың коммуналлық турмыслық зәрүрликлери ушын – 350 сум;

есаплаў әсбаплары болмаған жағдайда халықтың коммуналлық турмыслық зәрүрликлери ушын:

аўқат таярлаў ҳәм ыссы суў тәмийнаты ушын – 650 сум;

ысытыў системасы ушын – 350 сумнан есапланады.

Электр энергиясының баҳасы (1 кВт сааты ушын):

I ҳәм II топардағы тутыныўшылар ушын-370 сум;

III топардағы тутыныўшылар ушын-280 сум;

IV топардағы тутыныўшылар ушын-392 сум етип белгиленди.

Әмелдеги баҳалар ҳәм арттырылатуғын баҳалардағы өзгеристи усы хабардағы мағлыўматлар тийкарында салыстырып алыўыңыз мүмкин.

ӨзА