Елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер тәрепинен өзлери билим алған мектеплер және оқыў орынларына китаплар саўға етиў акциясы даўам етпекте.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Қуўаныш Юсупов, Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты директоры Азамат Турданов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети декан орынбасары, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Жүгинис Султамуратовлар өзлери оқып, билим алған Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма билим бериў мектебине китаплар саўға етти.

Көркем-әдебий ҳәм илимий бағдардағы 100 ден аслам китаплар мектеп китапханасы, әсиресе, ол жерде оқып атырған келешек ийелери ушын үлкен саўға болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.