Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 4-апрель күни 2019-жылдың биринши шерегиниң жуўмақлары бойынша Мәмлекетлик бюджетке түсимлер ҳәм прогнозлар орынланыўының нәтийжелилиги ҳәм биринши ярым жыллық ушын белгиленген көрсеткишлердиң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Биринши шеректе елимиз бойынша бюджет түсимлери толық ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2 есеге көп орынланды. Шерек жуўмағы бойынша жергиликли бюджет дәраматлары режеге салыстырғанда 1 триллион 253 миллиард сум артығы менен орынланып, аймақлардың ықтыярында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есе көп қаржы қалды.
Жергиликли бюджетте қаншелли көп дәрамат болса, әҳмийетли социаллық мәселелерди соншелли жедел түрде шешиў мүмкин, деди мәмлекетимиз басшысы. Қосымша қаржылар, соның ишинде, Бес баслама, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ишимлик суўы», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» сыяқлы мәмлекетлик бағдарламаларды орынларда системалы әмелге асырыў, халықтың дәраматларын көбейтиў ҳәм турмыс тәризин жақсылаў ушын зәрүр болады.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев бул ўазыйпаның әҳмийетин ҳәмме басшылар да бирдей түсинип жетпей атырғанын кескин сынға алды. Соның ишинде, бюджетке түсимлер прогнозы 9 район ҳәм қалада орынланбаған.
Атап айтқанда, Ташкент қаласының он бир районынан жетеўинде түсимлер прогнозы орынланбаған. Бул районлардың салық инспекцияларының басшылары лаўазымларынан азат етилди.
Қала ҳәкимияти ҳәм салық уйымларының басшылары тәрепинен бюджетке түсимлерди тәмийинлеўде итибарсызлыққа жол қойылғанлығы қатаң сынға алынды.
Бундай жағдайлар ўәлаятларда да орын алған. Сол себепли Мәмлекетлик салық комитетине жергиликли бюджетке түсимлер прогнозы орынланбаған бир қатар районлық ҳәм қалалық салық уйымлары басшыларының лаўазымына ылайықлығын сын көз қарастан көрип шығыў тапсырылды.
Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясының тийкарғы мақсети салық жүгин тең бөлистириўден ибарат болып табылады.
Президентимиз салық реформаларын нәтийжели әмелге асырыў ушын ҳүкимет алдында жүдә көп ўазыйпалар турғанын атап өтти.
Соның ишинде, усы жылдан баслап қосымша қун салығын есаплаўдың нәтийжели ҳәм әпиўайы механизмлери шөлкемлестирилмегени себепли усы системаға өткен 26 мың кәрханадан 9 мыңы тийисли салық есабатларын тапсыра алмаған.
Министрлер Кабинети ҳәм Мәмлекетлик салық комитетине бир ай мүддетте халықаралық экспертлер менен биргеликте Өзбекстанда салық реформаларын әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша қарар жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.
Бюджет түсимлерин тәмийинлеўдеги тийкарғы тосықлардан бири экономикада рәсмий емес жумыстың сақланып атырғаны болып есапланады.
Президентимиз бул бойынша жумыслардың нәтийжелери улыўма қанаатландырарлы емес екенлигин атап өтти. Сол себепли қабыл етилген бағдарламалық илажларды жанландырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Саўда-санаат палатасы, Бизнес-омбудсманға ҳәкимликлер менен биргеликте жумысын тоқтатқан исбилерменлер ушын ушырасыўлар өткериў ҳәм жумысын тиклеўде жәрдемлесиў ўазыйпасы жүкленди.
Дәслепки есап-санақларға бола, жоқарыда көрсетилген машқалалар өз ўақтында сапластырылса, жыл ақырына шекем бюджетке қосымша кеминде 6 триллион сум түсиўин тәмийинлеў мүмкин.
Соның ишинде, усы жылдың екинши шерегинде Бухара, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында 200 миллиард сумнан, Қашқадәрьяда 170 миллиард сум, Әндижанда 140 миллиард сум, Қарақалпақстанда 130 миллиард, Ферғанада 100 миллиард, Самарқанд ҳәм Наманганда 80 миллиард сумнан, Жиззақ, Сурхандәрья, Сырдәрья ҳәм Хорезмде 60 миллиард сумнан, жәми дерлик 2 триллион сум бюджетке қосымша қаржы түсириў имканияты бар.
Мәжилисте елимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған илажлар да додаланды.
Екинши шеректе өткен шерекке салыстырғанда 1,1 миллиард доллар көп экспортты әмелге асырыў ўазыйпасы турғанлығы атап өтилди. Соның ишинде, апрель-июнь айларында ҳәкимликлер биринши шерекке салыстырғанда 3 есеге көп мийўе-овощ өнимлериниң экспортын тәмийинлеўи керек.
Мәмлекетимиз басшысы айырым тараў ҳәм тармақ жуўапкерлерин ҳәм аймақлардың басшыларын бул бойынша бар имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны ушын кескин сынға алды.
Экспорт етилетуғын өнимлер бойынша қандай үстин тәреплери бар екенлиги, қайсы аймақта қандай өним жетистириў ҳәм экспорт етиў мақсетке муўапықлығы бойынша қысқа мүддетте әмелий усыныслар ислеп шығыў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, экспорт етилип атырған товарларды бажыханада рәсмийлестириў, товарлар ушын қадағалаўшы уйымлардан рухсат алыўды әпиўайыластырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды шешиў керек. Мысал ушын, елимизде экспорт ҳүжжетлерин рәсмийлестириў 96 саатлық ўақытты алса, сырт елде бул ушын тек ғана 12 саат 20 минут кетеди.
Бул тараўда «Бир айна» системасы толық енгизилмегени ақыбетинде исбилерменлер өз ўақтында өнимин экспорт етиўге рухсат алыў ушын кеминде 10 мәкемеге барыўы керек.
Усы мүнәсебет пенен Министрлер Кабинетине экспорт-импорт операцияларына рухсат бериўши уйымларды тартқан ҳалда сыртқы экономикалық жумыс пенен байланыслы мәмлекетлик хызметлерди қамтып алыўшы «Бир айна» системасын енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.
Мәмлекетлик бажыхана комитетине егинлердиң писикшилиги дәўиринде бажыхана постларының өткизиўшеңлигин арттырыў ҳәм тығылыслыққа жол қоймаў ушын тийисли илажлар көриў ўазыйпасы жүкленди.
Президентимиз экспорт етилетуғын аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў ҳәм өним жетистириўдиң прогноз көлемлериниң орынланыўын толық тәмийинлеў керек екенлигин айрықша атап өтти.
Экспорт базарларында мәмлекетимиздиң орнын беккемлеў мақсетинде мийўе-овощ жетистириўге бейимлескен Ғәллеарал, Замин, Булунғур, Ургут, Қибрай, Паркент, Олтиариқ районлары ҳәм Қувасой қаласында шөлкемлестирилип атырған аўыл хожалығы бирлеспелери жумысын нәтийжели жолға қойыў керек.
Сондай-ақ, «Ўздавкарантин» инспекциясына әнжир, ерик, шийе сыяқлы базары шаққан мийўелердиң сырт ел базарларына жедел кирип барыўын тәмийинлеў мақсетинде сырт елдиң карантин хызметлери менен сөйлесиўлер өткерип, экспортшыларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажларын көриў тапсырылды.
Транспорт-логистика қәрежетлери жоқары екенлиги мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыўға унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди. Бул машқаланы шешиў жолындағы биринши қәдем сыпатында усы жылы февраль айынан елимизге импорт етилип атырған вагонлар бажыхана бажыларынан азат етилди.
Бул бойынша Транспорт министрлигине мийўе-овощ өнимлериниң экспортын әмелге асырыўда темир жол транспорты имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, «Бир айна» принципи тийкарында әпиўайыластырылған механизмди енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Буннан тысқары, жүк транспорты паркин толықтырыў ушын ислеп шығарылғанына 4 жылдан аспаған автомобиль-транспорт қуралларын сатып алыў ушын кредитлеў системасын енгизиў бойынша усыныс кирзиў тапсырмасы берилди.
Мәжилисте ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ басшысы экспорт түсимлери турақлы және өз ўақтында келип түсиўи ушын жеке жуўапкер екени белгилеп қойылды.
ӨзА