Арал бойы аймағы ушын БМШның Инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик траст фонды жойбарлық усынысларды қабыллаўды баслады. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.

Траст фонды басқарыў кеңесиниң 2019-жыл 24-январьдағы қарарына муўапық, Траст фонды стратегиясының төмендеги үш бағдары жойбарлық усынысларды дәслепки тәризде қабыллаў ушын баслы бағдарлар сыпатында сайлап алынды:

  1. Экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў (соның ишинде, тоғайлар пайда етиў);
  2. Денсаўлықты сақлаў тараўында қәўипсизликти тәмийинлеў;
  3. Социаллық қәўипсизликти тәмийинлеў (соның ишинде, коммуналлық хызметлерден, социаллық қорғаныў, суў тәмийнаты, санитариялық ҳәм билимлендириў тараўларынан пайдалана алыў имканиятын жақсылаў).

БМШның фонд жумысларында қатнасатуғын шөлкемлер (БМШРБ, UNFPA, UNICЕF, UNЕSCO, БМШ НЖҚГБ) жойбарлар бойынша усыныс киргизиў ҳуқықына ийе. Миллий ҳәм халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер (мәселен, мәмлекетлик шөлкемлер, жергиликли ҳәкимлик уйымлары, халықаралық ҳәм жергиликли мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер, илимий изертлеў институтлары ҳәм басқалар) тәрепинен жойбарлық усыныслар БМШ шөлкемлери менен биргеликте ислеп шығылыўы және усынылыўы мүмкин.

Усыныслар 2019-жылдың 29-март күнинен 2019-жылдың 29-апрель күнине шекем (саат 18:00 ге шекем) қабыл етиледи.

Арзаның толтырылған формалары Траст фондының Техникалық секретариаты атына төмендеги электрон мәнзилге жибериўи керек:

zarif.jumaev@one.un.org

Жойбар усынысының үлгисин төмендеги силтеме арқалы жүклеп алыўға болады:

Budget template and Guidelince.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.