Астана, 9-июнь ӨзАның арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Урозов хабар етеди.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында болып өтип атырған Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги саммитине қатнаспақта.
Саммит 9-июнь күни Астана қаласының Ғәрезсизлик сарайында мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўы менен басланды. Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың басшылығында өткен ушырасыўға Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Имамали Раҳмон қатнасты.
Сөйлесиўлерде ШБШ ҳәм оның уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириў, шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, терроризмге, диний экстремизмге, наркотик затларға ҳәм қурал-жарақ контрабандасына қарсы биргеликте гүресиў, регионаллық қәўипсизликти және турақлылықты беккемлеў мәселелери додаланды.
Мәмлекет басшылары ШБШның соңғы саммитинде келисилген мәселелер – шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық, жәмийетлик-мәдений, гуманитарлық және транспорт салаларындағы қатнасықларды раўажландырыўға байланыслы кең көлемли мәселелерди көрип шықты.
ШБШның 2025-жылға шекем раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша 2016-2020-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режесин тастыйықлаў ҳаққындағы қарардың, ШБШға ағза мәмлекетлердиң туризм саласындағы бирге ислесиўин раўажландырыў бағдарламасы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң орынланыўына итибар қаратылды.
ШБШ салыстырмалы түрде қысқа ўақыт ишинде абыройлы халықаралық шөлкемге айланды. ШБШ дүзилгенинен кейин көплеген мәмлекетлер оған ағза болыў тилегин билдирди. Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Ташкент саммитинде мәмлекет басшылары Әзербайжан, Армения, Камбоджа ҳәм Непалға ШБШның сөйлесиў бойынша шериклери статусын бериў ҳаққында келисип алған еди.
Буннан тысқары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ғәрезсиз мәлекетлер Дослық Аўқамы, АСЕАН сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў ШБШның абыройы артып атырғанынан дәрек береди.
Саммит өз жумысын даўам еттирмекте.