Латвия Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары, сиясий директоры Янис Мажейкис басшылығындағы делегацияның елимизге сапары шеңберинде Ташкентте 28-март күни Өзбекстан – Латвия министрликлераралық сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң 14-раунды болып өтти.

Илажда еки мәмлекет делегацияларына Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Дилшод Аҳатов ҳәм Латвия Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары, сиясий директоры Янис Мажейкис басшылық етти.

 Сөйлесиўлерде ҳәр тәреплеме бирге ислесиў, БМШ шеңберинде, сондай-ақ, «Өзбекстан – Европа Аўқамы» форматындағы байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды. Бир қатар халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан – Латвия арасында дипломатиялық байланыслар орнатылған 1992-жылдан берли нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған. Сөйлесиўлер ўақтында саўда-экономикалық, инвестициялық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға қызығыўшылық билдирилди.

Латвия елимиздиң Европа Аўқамындағы тийкарғы саўда шериклеринен бири болып есапланады. 2018-жылы өз-ара товар айланысының көлеми 429 миллион АҚШ долларынан асламын қурады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 50 процентке көп.

Әнжуманда товар ҳәм хызметлер номенклатурасын кеңейтиў арқалы өнимди жеткерип бериўди диверсификациялаў имканиятлары көрип шығылды. Бул бойынша ўазыйпаларға унамлы шешим табыўда Ташкент қаласында Өзбекстан – Латвия бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисин өткериў әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

 Илажда туризм, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият тараўларындағы байланысларды беккемлеў бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары екени атап өтилди. Өз-ара қатнасықлардағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

*   *   *

Сол күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Эргашев Латвия делегациясы менен ушырасты. Сөйлесиў  ўақтында Аўғанстанның социаллық-экономикалық тиклениўин қоллап-қуўатлаўға қаратылған қоспа жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

 

ӨзА