Хош, комитеттиң тийкарғы ўазыйпалары нелерден ибарат?

Ветеренария ҳәм шарўашылық тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын туп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент Пәрманы (ПП-5696, 28.03.2019 ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы мәлим етти.

Пәрман менен Мәмлекетлик Ветеринария комитети Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети етип қайта шөлкемлестирилди ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.

Комитет Ветеринария, шарўашылық ҳәм нәсилшилик тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады.

Төмендегилер Комитет қурамына өткерилди:

Самарқанд ветеринария медицинасы институты ҳәм оның академиялық лицейи;

Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институты;

Қаракөлшилик ҳәм шөл экологиясы илимий-изертлеў институты;

Балықшылық илимий-изертлеў институты;

Комитет жанында Ветеринария хызмети ҳәм шарўашылықты раўажландырыў фонды ҳәм «Ўзбекчорванасл» агентлиги шөлкемлестирилди.

2020-жыл 1-январдан:

 100 бас қара мал ҳәм 100 мың қус болған хожалықларда ветеринария шыпакери ҳәм зоотехник штаты енгизиледи;

қарамал бағыў бағдарындағы хожалықлардағы ҳәм халықтың қарамағындағы сыйырлар селекция режеси тийкарында нәсилли буғалар нәсили менен жасалма нәсиллендириледи;

район ҳәкимлери келеси жылда азықлық егинлерин жайластырыў режесин «Ўзбекчорванасл»агентлигиниң аймақлық басқармалары менен келиседи.

ӨзА