Ташкент қаласында 28-март күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамына ағза еллердиң Шегара әскерлери сәркардарлары кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда дослық аўқамына ағза мәмлекетлердиң шегара әскерлери делегациясы, шерик структуралар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Махмудов, ҒМДА Атқарыў комитети баслығы – Атқарыўшы хаткери С.Лебедев қатнасыўшыларды қутлықлап, Шегара әскерлери сәркардалары кеңесиниң шөлкемге ағза мәмлекетлер шегараларының қәўипсизлигин тәмийинлеў жолындағы жумысын жоқары баҳалады.

7.jpg

Мәжилисте күн тәртибинен орын алған 9 мәселе көрип шығылды. Усы мәселелер бойынша ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң шегара  мәкемелериниң басшылары тәрепинен Кеңестиң 20 дан аслам қарары қабыл етилди.

Илажда Орайлық Азия регионынан ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң сыртқы шегаралардағы жағдайы ҳәм жақын келешектеги раўажланыў тенденциялары ҳәр тәреплеме талланды. Мәселениң әҳмийетли тәреплерине итибар қаратылды.

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң 2021-2025-жыллары сыртқы шегараларда қәўипсизликти беккемлеў бағдарламасы ҳәм ҒМДА мәмлекетлери басшылары кеңесиниң бул бойынша қарары, сондай-ақ, сыртқы шегаралардағы қыйын жағдайларды тәртипке салыўға бағдарланатуғын ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери шегара ҳәм басқа да уйымлардың топары қурамына киргизилетуғын структуралар дизими ҳаққындағы қарары мақулланды.

Илажда 2019-жылы ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлердиң сыртқы шегаралары арқалы Арқа-Батыс, Батыс ҳәм Орайлық Азия бағдарларындағы нызамсыз жумысына шек қойыў бойынша бирге ислесиўдеги арнаўлы әмелиятларға таярлық процесслери, 2020-жылы оларды өткериўге байланыслы шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Мәжилисте Шегара әскерлери сәркардалары кеңесиниң ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң сыртқы шегараларын қорғаў формалары ҳәм усылларын жетилистириўге қаратылған жумысын режелестириў менен биргеликте илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў бойынша ҳүжжетлер топламы қабыл етилди.

Сондай-ақ, 2020-жылы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген женистиң 75 жыллығына бағышлап ҒМДАға ағза мәмлекетлер сыртқы шегаралары бойлап эстафеталар өткериўге келисип алынды. Системада қәнигели кадрларды таярлаў ҳәм ветеран шегарашылар ҳәрекети жумысын раўажландырыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Қатнасыўшылар ҒМДАға ағза мәмлекетлер Шегара әскерлери сәркардалары кеңесиниң Ташкенттеги мәжилиси жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтти. Кеңестиң гезектеги мәжилисин 2019-жылдың екинши ярымында Беларусь Республикасында өткериў режелестирилди.

 

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы