Пайтахтымызда «ҒМДАның финанслық базарлары: жаңа имканиятлар» темасындағы халықаралық финанс-банк форумының биринши күниндеги илажлар болып өтти.

 Илаж Өзбекстан Сыртқы экономикалық ислер миллий банки, «ҒМДА Финанс-банк кеңеси және «SAIPRO» мәлимлеме-рейтинг агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Орайлық банк ҳәм басқа да бир қатар жергиликли ҳәм халықаралық қаржы мәкемелериниң жәрдеминде өткерилмекте.  Өзбекстан Республикасы Орайлық банк басқармасының баслығы Мамаризо Нурмуротов, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Алкис Дракинос ҳәм басқалар мәмлекетимиз ҳәм дүнья финанс-банк мәкемелериниң өз-ара бирге ислесиў байланыслары мәмлекетлердиң экономикалық өсиўинде үлкен әҳмийетке ийе екенин ҳәм өткерилип атырған бул форум усындай пайдалы қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

– Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 14-январьдағы «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы пәрманының орынланыўы бойынша шөлкемлестирилген агентлигимиз қысқа мүддетте сезилерли нәтийжелерге ериспекте, – деди Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги директорының биринши орынбасары Асқар Обидов. – Соның ишинде, Өзбекстанның суверен рейтингке ийе болғаны, халықаралық базарда елимизде ислеп шығарылған баҳалы қағазларды алмасыў жумыслары басланғаны жақсы имканият болып, бул капитал базар қатнасыўшылары ушын және бир қолайлылық болып табылады. Форумда «Өзбекстанда капитал базарды раўажландырыў» темасындағы баянатымда агентликтиң жумысы, мақсети ҳәм ўазыйпалары менен қатнасыўшыларды ҳәр тәреплеме таныстырдым.

Форумда шығып сөйлегенлер финанс-банк секторларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективасы, цифрлы технологиялардың раўажланыўында финанс тараўының орны ҳаққында сөз етти.

– Экономикалық реформалар мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм экономикалық турақлылығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы есапланады, – деди Россия Федерациясы Орайлық банки баслығының биринши орынбасары Ксения Юдаева. – Сонлықтан интеграция арқалы биз ең жақсы экономикалық нәтийжелерге ерисиўимиз мүмкин. Бәринен бурын, интеграция ҳәм басқа да финанслық процесслер ушын макроэкономикалық шараят және финанслық турақлылық талап етиледи. Бундай турақлылық болмаса, мәмлекетте инвестициялық имканиятлар раўажланбайды.

Форумда экспертлердиң алдынғы тәжирийбелерин бөлисиў және өз алдына тараўлар ҳәм финанс базарының түрли сектор ўәкиллери арасында сөйлесиўлер, өз-ара пайдалы ушырасыўлар болып өтти.

Форум шеңберинде қамсызландырыў тараўында «Алтын саяман» жәмийетлик сыйлығын тапсырыў мәресимин өткериў және қатнасыўшылардың Самарқандқа саяхаты режелестирилмекте.

Форумда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Ж.Қўчқоров шығып сөйледи.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы