Өзбекстанның Вашингтондағы елшиханасынан алынған мағлыўматларға қарағанда, 2019-жыл 25-март күни АҚШ Мийнет департаменти өзбек пахтасын балалардың мәжбүрий мийнетинен пайдаланған ҳалда таярланған товар сыпатында мәмлекет аймағында мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўды қадаған ететуғын Президент актинен шығарыў ҳаққында үзил-кесил қарар қабыл етти.
Өзбекстанда ислеп шығарылған пахта бул дизимге 2010-жылы киргизилген еди.
Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигинен алынған мағлыўматларға қарағанда, өткен жылдың июль айының ақырында Америка уйымы тәрепинен бул мәселени ашық жәмийетлик додалаўға қойыў усыныс етилген еди. Бул машқаланы үйрениў шеңберинде ҳуқық қорғаў шөлкемлери – «Cotton Campaign» халықаралық коалициясы ҳәм Халықаралық мийнеткешлердиң ҳуқықларын қорғаў форумы (ILRF) ның пикирлери және Өзбекстанның Вашингтондағы дипломатиялық миссиясының ўәкиллери тәрепинен усынылған рәсмий түсиндириўлер талланды.
Америка уйымы «Cotton Campaign» халықаралық коалициясының бул қарарын мәмлекетте балалардың мийнетине байланыслы жағдайлардың азайғаны, ҳуқық бузарлықлар бойынша тергеўлердиң нәтийжелилиги артқаны менен түсиндирди. Алдынғы жыллардан өзгеше түрде бул ретки үйрениўлер белсенди жәмийетлик пикирлер тийкарында алып барылғаны айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, қарарда мийнет ҳуқықларының бузылыў жағдайларын нәтийжели анықлаў имканиятын беретуғын қайта байланыс механизмлери, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары уйымларының «Исеним телефонлары» системасы, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы жанында «юридикалық клиникалар» ҳәм мәмлекет Президентиниң Халық қабыллаўханаларының жумысы жедел енгизилгени де айтылған.
«Алынған шолыўлар ҳәм бар мағлыўматлар үйренилгенде Өзбекстанда пахта жыйым-териминде балалардың мийнетинен пайдаланыў жағдайлары азайғаны анықланды. Сонлықтан бул өнимди Орынлаў буйрығы дизимине киргизиў ушын тийкар жоқ», делинеди Мийнет департаментиниң қарарында.
Америка уйымының бул қарары АҚШ мәмлекетлик мәкемелерине бул өнимниң балалардың мийнетисиз ислеп шығарылғанын тастыйықлайтуғын сертификатсыз сатып алыў имканиятын береди. Сондай-ақ, АҚШ Мийнет департаменти ўәкиллериниң пикиринше, өзбек пахтасының шеклеў дизиминен шығарылыўы Американың жеке меншик компанияларына өзлериниң исбилерменлик статусына зыян келтирмеген ҳалда, Өзбекстан пахте жеткерип бериўшилери менен байланысыў имканиятын береди.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан пахта жетистириўшилери ушын АҚШ базарларына шығыўға жаңа перспективалар есиги ашылмақта. Бул қарар Өзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша қабыл етилип атырған илажлардың АҚШ тәрепинен тән алыныўы болып табылады. Соның менен бирге бул Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Жәҳән банки тәрепинен өткерилген мониторинг жуўмақларына ҳәм нәтийжелерине де толық сәйкес келеди.
Роман БОНДАРЧУК,
ӨзАның хабаршысы