Қарақалпақстан Республикасының көркем әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Әмиўдәрья»ның гезектеги 2019-жылғы 1-саны жарық көрди.
Журтшылығымызға белгили болғанындай, соңғы еки жылдың ишинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына еткен сапарлары шеңберинде берилген тапсырмалар ҳәм қабыл етилген ҳүжжетлер тийкарында әйне пайытта Республикамызда кең көлемли дөретиўшилик жумыслары қызғын даўам етпекте.
Бул өз гезегинде пүткил халқымыздың руўхыйлығында жоқары көтериңкилик сезимлерин пайда етип, дөретиўши-шайырлардың қәлемлерине қанат байламақта.
Жаңа санның бет ашарында Сиз Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Рустам Мусурманның Президентимиздиң өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлеринде Қарақалпақстанға еткен сапарынан соңғы ойларынан туўылған «Журт ғамхоры маған керек» шығармасы менен танысасыз.
Өзиниң палўаншылық ҳәм әдебиятымыз бенен көркем өнеримиздеги нәтийжели дөретиўшилиги менен әпсанаға айланған Жаңабай Қаратай улы барлық әдебият ҳәм көркем өнер ықлабентлерине бирдей таныс, десек асыра айтпаған боламыз. Журналдың «Проза» рубрикасында усы ажайып дөретиўши ҳәм палўан ҳаққында Жийенбай Мояновтың «Палўанлар сәрдәры» тарыйхый қыссасы жәрияланбақта.
Сондай-ақ, усы рубрика астынан Нағыйма Жаңабаева («Периште») ҳәм Медет Атажановтың («Ағамның ийтлери», «Сизлерге рахмет, иним», «Қолайлы адам жоқ») бир қатар гүрриңлери орын алған.
Журнал бетлеринде турақлы берилип киятырған “Дүнья әдебияты дүрданалары” рубрикасында болса, Сизиң нәзериңизге (рус-америкалы жазыўшы) Владимир Набоковтың “Нама” атлы гүрриңи усынылған.
«Поэзия» рубрикасының бул санында Муҳаммед Хошан, Г.Рахимова, Қ. Рейпназаров ҳәм А.Крамовлардың кеўил нағысларынан дөреген қосықлары менен танысыўыңызға болады.
“Әдебият ҳәм илим” рубрикасының бул санында болса, Қ.Байниязов (Мақтымқулы қосықлары қарақалпақ шайырларының репертуарында), А.Пирниязова (Х.Дәўлетназаровтың “Әлўидағ муҳаббат, әлўидағ…” насрый поэмасында фразеологизмлердиң қолланылыўы), К.Палымбетов (“Қоблан” дәстанында қаҳарманның илаҳий туўылыў мотиви), сондай-ақ, Ҳ.Өтемуратова менен М.Мәмбетовалардың (Прозаның ҳәм драматургияның изертлениўи мәселелери ҳаққында) илимий мийнетлерин оқыўыңызға болады.
«Тарийх сабақлары» рубрикасында журналдың өткен жылғы санларынан берли берилип киятырған академик, жазыўшы Ҳүсниддин Ҳамидовтың аўдармасындағы авторлары Мунис, Агаҳийлердиң «Фирдәўс-ул-ықбал» шығармасының даўамы және де Тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Қощановтың 1918-1919-жылларда үлкемиздеги Ийшанқала тарийхый-мәдений естелигиндеги қамал ҳаққында сөз етиўши “Ийшанқала қамалы” шығармасы орын алған. Сондай-ақ, сиз журнал муқабасында усы қорғанға тийисли тарийхый сүўретлер менен де танысасыз.
Соның менен бирге, журнал бетлеринде өткен жылдан баслап жәрияланып киятырған “Қабуснама” рубрикасында “Унсурулмаолий Кәйкаўыстың нәсиятнамасы” шығармасының жуўмағы орын алған.
Филология илимлериниң докторы, профессор Б.Нурдәўлетованың «Дәреклесиў» рубрикасында жәрияланған “Маңқыслаў ҳәм маңғытлар” атамасындағы илимий мийнети де әлбетте, сизди бийпарқ қалдырмайды, деген пикирдемиз.
Халқымызда “Денсаўлық – түмен байлық”,– деген нақыл тийкарсыз айтылмаған. Жаңа санның бәнт басар бетлеринен “Денсаўлық” рубрикасы орын алған болып, онда Сиз жазыўшы К.Ерназаровтың усы тема дөгерегиндеги, яғный кеселлик ҳәм оның себеплери ҳаққындағы пикирлери менен танысасыз.
Жуўмақлап айтқанда, «Әмиўдәрья» журналының 2019-жылғы 1-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады,– деп ойлаймыз.
Ч.ЕЛМУРАТОВ