Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды комплексли раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў, перспективалы жойбарларды белгилеў мақсетинде бүгин Бухара ўәлаятына жөнеп кетти.
Бухара мәмлекетимиз ўәлаятлары арасында аймағының үлкенлиги жағынан Наўайыдан кейинги екинши орында турады. Қолайлы географиялық аймақта жайласқаны, тарийхый естеликлерге, тәбийғый ресурсларға бай екенлиги, аўыл хожалығы тараўында топланған тәжирийбе себепли ўәлаятта санаат, логистика, агросанаат тараўлары избе-из раўажланбақта.
Президентимиз 2018-жыл 16-17-февраль күнлери Бухара ўәлаятына сапары даўамында ўақтында заманагөй көринисин жаратыў, санааттың өндирис ҳәм қайта ислеў, транспорт-логистика, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы, билимлендириў, туризм потенциалын және де арттырыў бойынша тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берген еди.
Мәмлекетимиз басшысы бул ретки сапары даўамында усы тапсырмалардың орынланыўы, сондай-ақ, ўәлаятты социяллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы инвестициялық жойбарлар менен танысыўы режелестирилген.
Улуғбек Шоназаров, ӨзА