Усы жылдың 27-март күни Тазғара аўылы аймағынан өтетуғын «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 58-километринде қарама-қарсы жөнелисте ҳәрекетленип баратырған еки «Нексия» маркалы автомобиль соқлығысқан. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚлар менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Мәлим болыўынша, Хожели районында ўақытша жасайтуғын М.Ю. басқарыўындағы «Нексия» қарама-қарсы жөнелисте ҳәрекетленип баратырған пуқара Д.П. басқарыўындағы «Нексия» менен соқлығысқан.

Ўақыя ақыбетинде транспорт басқарыўшылары Д.П. ҳәм М.Ю., сондай-ақ, жолаўшы Г.К. лар жарақат алып, емлеўханаға жатқарылған. Көрсетилген медициналық жәрдемлерге қарамастан жолаўшы Г.К. қайтыс болған.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.