«Өзбекстан» Баспа полиграфия-дөретиўшилик үйи тәрепинен «Қуран мәнилериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ҳәм түсиндирмеси» атлы китабы 8 мың нусқада басып шығарылды.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте. Бул китап аўдармашы Шамсуддин Баҳоуддиновтың дөретиўшилик мийнетиниң жемиси.

Онда муқаддес динимиздиң тийкарғы дәреги есапланған Қуранның қарақалпақ тилиндеги дәслепки аўдармасы орын алған.

Китапқа сондай-ақ, Шайх Абдулазиз Мансурдың түсиндирме китабы ҳәм араб тилиндеги түсиндирме китаплар дәрек етип алынған.

ӨзА