АиФ газетасы Арал теңизи ортасында жайласқан Тиклениў атаўында дерлик ярым әсир даўамында тәжирийбе хайўанлары – ийтлер, маймыллар, қой ҳәм атларда бактериологиялық қураллар сынап көрилгенлигин жазды.
Тиклениў атаўында 1942-1992-жыллар даўамында әскерий биохимиялық полигон болған. Оның шәртли аты – «Бархан» деп аталады.
Автор бул жерде дерлик ярым әсир даўамында тәжирийбе хайўанлары – ийтлер, маймыллар, қой ҳәм атларда бактериологиялық қураллар сынап көрилгенлигин жәриялады.
Тәжирийбе ушын қолланылатуғын препарат үлгилерин
СССРдың барлық әскерий биохимиялық лабараториялары
– Степногорск, Киров, Свердловск-19, Омутнинск,
Сергиев Посад, Оболескден алып келген.
Обьект айрықша қорғалған ҳәм атаўға бийтаныслардың кириўи қатаң қадаған етилген. Аймақ сол дәрежеде жасырын болған, ҳәттеки әскерий полигонда хызмет ететуғын көпшилик хызметкерлер қай жерде ислейтуғынларын билмеген.
Атаўда биоинженерлик институтлары – корпус ҳәм лабораториялар, үскене қоймаханаларының путкил комплекси жайласқан.
Әскерлер ҳәм илимпазлардың қалашаларында жүдә қолайлы шараятлар жаратылған. Бирақ, 90-жылларға келип барлық нәрсе өзгерди.
1992-жылы Президент Борис Ельцин полигонды жабыў ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Әскерий контингент Кировқа көширилди, биолаборатория болса демонтаж етилди.
Тиклениў атаўында илимпазлар анық қандай изертлеўлер үстинде жумыс алып барғаны ҳеш кимге мәлим емес. Мародёрлар сол жердеги үскенелер, қандайда бир қунға ийе болған ҳәр қандай нәрсени тасып кеткен. Ол жерде тек ғана тасландық имаратлар қалған.
ӨзА