Физика-математика илимлериниң докторы, Самарқанд мәмлекетлик университети профессоры Облақул Қувондиқов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-мийнет ҳәм педагогика факультети студентлерине «Инновациялық технологияларды оқыў процесинде қолланыў бойынша дүнья тәжирийбеси» атамасында лекция оқыды.

Лекция сабағында профессор инновациялық технологиялардың ең заманагөй басқышы есапланған интеллект-карта методы, усы метод тийкарында Самарқанд мәмлекетлик университетинде әмелге асырылып атырған жаңалықлар ҳәм жаңа исленбелер ҳаққында студентлерге кең ҳәм толық түсиниклер берди.

– Интеллект-карта – бул яд картасы болып, бас мийдиң дүзилисин, функцияларын ҳәм физикалық қәсийетлерин өзинде сәўлелендиретуғын технология есапланады, – деди профессор. – Бул технология универсаллық характерге ийе болып, тек ғана физикада емес, ал басқа пәнлерде де жийи қолланылады.

Профессордың айтыўынша, булл технологияны XXI әсирдиң ғалабалық технологиясы болыўы күтилип атырған робототехникалық исленбелерде қолланыў арқалы, жасалма интеллектти жетилистириў имканияты бир қанша артады.

Лекция сабағынан соң профессор институт ректоры Байрамбай Отемуратовтың қабыллаўында болды. Институт ректоры профессорға алдағы ўақытларда илимий-педагог кадрларды таярлаў, өз-ара тәжирийбе алмасыўда бирге ислесиўге шақырды. Өз гезегинде профессор усыныс ушын миннетдаршылық билдирип, магистратура ҳәм докторантура басқышында оқып атырған излениўшилерди бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирип өтти.

– Бул Қарақалпақстанға екинши сапарым. Алдынғы сапары да усы институтқа келген едим. Институт жасларының илимге қызығыўшылығы жоқары екенлигин айрықша атап өтким келеди. Бул дәргай жәмәәти Президентимиз тәрепинен жоқары билимлендириў системасын еле де жетилистириў бойынша әмелге асырып атырған реформаларын шын жүректен, бар күш-жигери менен орынлап атырғанын көрип, буған жоқары баҳа бергим келеди, – деп айтып өтти самарқандлы алым.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.