Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында «Биз радикализм, миссионерлик ҳәм прозелитизмге қарсымыз» атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов басқарып барды.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы жынайы-ҳуқықый ислер статистикасы бөлиминиң прокуроры Ж.Қәлендеров, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығының орынбасары Ш.Аяпов, пайтахтымыздағы Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орны оқытыўшысы А.Якупов, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры режиссёр ассистенти Д.Дорушова, институт факультетлери декан орынбасарлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўда тийисли тараў ўәкиллери радикализм, миссионерлик ҳәм прозелитизм ҳаққында толық түсиник берип, жаслар арасында ҳуқықый саўатлылықтың төмен болыўы, бийпәрўалық ақыбетинде келип шығып атырған жәмийетлик машқалаларға тоқтап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 19-март күни жасларға болған итибарды күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысында атап өтилгениндей, елимиз халқының 30 процентин 14 жастан 30 жасқа шекемги болған қыз-жигитлер қурайды.

Олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын кең имканиятлар жаратылған. Соның менен бирге, жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў әҳмийетли мәселе болып табылады. Жаслар қаншелли руўхый жақтан жетилискен болса, ҳәр қыйлы жат иллетлерге қарсы иммунитети де соншелли күшли болады.

Ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.